Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Пакистандағы елшиханасы менен биргеликте исбилерменлер делегациясының Карачи портына рәсмий сапары әмелге асырылды.
Сапар етиўдиң тийкарғы мақсети - өзбек өнимлерин ҳәм брендлерин халықаралық базарларға шығарыўда Карачи порты арқалы экспорт имканиятларын кеңейтиў, логистика шараятларын жақсылаў ҳәм жаңа бирге ислесиў механизмлерин ислеп шығыўдан ибарат болды.
Карачи порты - Пакистанның ең ири теңиз порты ҳәм Қубла Азиядағы тийкарғы логистика орайы. Ол арқалы миллионлаған тонна жүк Европа, Америка, Азия ҳәм Африка базарларына жеткериледи. Усы жағынан, порт Өзбекстан ушын үлкен стратегиялық әҳмийетке ийе.
Сапар даўамында Өзбекстан делегациясы порт ҳәкимшилиги ҳәм логистика компаниялары менен ушырасып, инфраструктура, бажыхана, транзит ҳәм жүк тасыў тәртиплери бойынша анық мағлыўматлар алды. Порт басшылары өзбек өнимлерин қабыл етиў ҳәм қайта жүклеў ушын барлық шараятлар бар екенлигин атап өтти.
Сөйлесиўлерде Өзбекстан товарлары ушын порт аймағында арнаўлы қоймахана шөлкемлестириў усынысы алға қойылды. Бул баслама:
өнимлерди ўақтынша сақлаў ҳәм жибериўди жеңиллестиреди,
транзит процесслерин әпиўайыластырады,
логистика қәрежетлерин кемейтеди,
халықаралық базарларға шығыўды жеделлестиреди.
Порт ҳәкимшилиги тоқымашылық, мийўе-овош, былғары, химия ҳәм қурылыс материалларына жоқары қызығыўшылық билдирип, олардың халықаралық бәсекиге шыдамлылығын атап өтти.
Сондай-ақ, исбилерменлерге контейнер парки, санластырылған бажыхана ҳәм жүк бақлаў системалары ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Карачи портына сапар етиў еки мәмлекет арасындағы экономикалық байланысларды беккемлеў менен бирге, Өзбекстан товарлары ушын жаңа экспорт жолларын ашыўда әҳмийетли қәдем болды. Саўда-санаат палатасы бул бағдарда әмелий жумыслар басланғанын мәлим етти.









