Сөйлесиў алдынан Өзбекстан басшысы АҚШ Президентин жақынласып киятырған Жаңа жыл байрамы менен қутлықлап, дос Америка халқына тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Өз гезегинде, Дональд Трамп Өзбекстан жетекшиси ҳәм халқына өзиниң ҳәм АҚШ халқының атынан қызғын сәлеми ҳәм қутлықлаўларын жеткерип, Жаңа жылда бахыт-ығбал, табыслар ҳәм жаңа жетискенликлер тиледи.
Президентлер жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыў барысын, сондай-ақ, Өзбекстан - АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў перспективаларын ҳәр тәреплеме көрип шықты.
Өзбекстан басшысы Президент Дональд Трамптың быйылғы жылы ишки ҳәм сыртқы сиясатта ерискен жетискенликлерин жоқары баҳалап, оның кескин халықаралық кризислер ҳәм келиспеўшиликлерди шешиў бағдарындағы жемисли ҳәрекетлерин айрықша атап өтти.
Еки тәреплеме сиясий байланыслар ҳәм алмасыўлардың, әсиресе, мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шерикликти раўажландырыўда жаңа басқышты баслап берген ҳәм оны анық мазмун менен байытқан басшылар дәрежесинде жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Пуқаралық авиациясы, автосанаат, таў-кән санааты, аўыл хожалығы, инфраструктура, энергетика ҳәм химия, мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм басқа да тараўларда онлаған миллиард долларлық қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта.
Әмелдеги жойбарлар менен бағдарламаларды нәтийжели алға қойыў ҳәм жаңаларын ислеп шығыў мақсетинде Америка - Өзбекстан исбилерменлик ҳәм инвестиция кеңеси шөлкемлестирилди. Қоспа Инвестиция фондын шөлкемлестириў бойынша жедел жумыс алып барылмақта.
Аймақлар арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа механизми иске қосылды. Өзбекстанның үш ўәлаяты делегациялары Америка Қурама Штатлары менен бирге ислесиўди жолға қойыў ушын АҚШқа барды.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелерге айрықша итибар қаратылды. Усы мәниде, көп тәреплеме бирге ислесиў, соның ишинде, "С5+1" форматының әҳмийети атап өтилди.
Сөйлесиў соңында тәреплер жоқары дәрежедеги жедел сөйлесиўлерди даўам еттириў нийетин тастыйықлады және әмелий бирге ислесиў бойынша биргеликтеги баслама ҳәм бағдарламаларды алға қойыўға келисип алды.
Өзбекстан Президенти Америка жетекшисин өзи ушын қолайлы болған мүддетте сапар менен мәмлекетимизге келиўге мирәт етти.