Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда Австрия парламенти басшысының Өзбекстанға дәслепки рәсмий сапары еки мәмлекет парламентлераралық бирге ислесиўин раўажландырыўда әҳмийетли басқыш болғаны атап өтилди.
Сөйлесиўлер ўақтында парламентлераралық байланысларды кеңейтиў, социаллық қорғаў тараўында тәжирийбе алмасыў, туризмди раўажландырыў, аймақлараралық бирге ислесиўди беккемлеў, сондай-ақ, турақлы раўажланыў, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм жаслар сиясаты сыяқлы кең көлемли мәселелер додаланды.
Т.Норбоева атап өткениндей, мәмлекетимиз басшысының қатаң сиясий ерк-ықрары себепли мәмлекетимизде парламент ўәкилликлери избе-из кеңейип, ҳаял-қызлардың сиясаттағы қатнасыўы жаңа басқышқа көтерилмекте.
Сөйлесиў даўамында парламентлераралық бирге ислесиўди, соның ишинде, халықаралық парламент шөлкемлери шеңберинде жеделлестириўден өз-ара мәпдарлық билдирилди ҳәм бир қатар анық басламалар алға қойылды.
Парламентлер ҳәм тийисли комитетлер басшыларының турақлы ушырасыўларын өткериў, парламентлераралық дослық топарларының биргеликтеги ҳәрекетлер режесин ислеп шығыў, аймақлараралық байланысларды кеңейтиў солардың қатарына киреди.