Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Бас министр ҳәм дос Ҳиндстан халқын жақынласып киятырған миллий байрам - мәмлекеттиң Ғәрезсизлик күни менен қызғын қутлықлап, тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Өзбекстан-Ҳиндстан стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Ерисилген келисимлерге муўапық әмелий бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны, түрли дәрежелерде жедел ҳәм нәтийжели сөйлесиўлер даўам етип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Усы жылдың басынан товар алмасыў 60 процентке артты, 40 қа шамалас жаңа қоспа кәрхана ҳәм кооперация жойбарлары иске қосылды. Ҳиндстанның жетекши компаниялары менен әмелге асырылып атырған перспективалы жойбарлардың ҳәзирги портфели еки миллиард долларға жетти. Өзбекстанда Ҳиндстан университетлериниң төрт филиалы табыслы жумыс алып бармақта.
Жетекшилер фармацевтика ҳәм химия санааты, санлы экономика, энергетика, кәншилик, аўыл хожалығы, қурылыс, туризм ҳәм басқа да бағдарларда кооперация жойбарларын алға қойыў ҳәм әмелге асырыўға айрықша итибар қаратты.
"Арқа-Қубла" коридоры шеңберинде нәтийжели транспорт-транзит жөнелислерин раўажландырыў мәселелери додаланды.
Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин Ташкент қаласында нәтийжели өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди. Мәденият ҳәм кино күнлерин өз-ара шөлкемлестириў, аймақлар дәрежесинде алмасыўларды жеделлестириў усыныс етилди.
Өзбекстан Президенти ҳәм Ҳиндстан Бас министри регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысты және болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың режесин көрип шықты.









