Самарқанд қаласында болып өткен нәтийжели сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Иордания Ҳошимийлер Патшалығының Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн Шериклик қатнасықларын беккемлеў ҳаққында биргеликтеги билдириўди қабыл етти.
Улыўма, сапар шеңберинде 15 еки тәреплеме ҳүжжетке қол қойылды, соның ишинде:
- Экстрадация ҳаққындағы келисим;
- Инвестицияларды өз-ара хошаметлеў ҳәм қорғаў ҳаққында келисим;
- Қоспа комиссия дүзиў ҳаққында келисим;
- Виза талапларын бийкарлаў ҳаққында келисим;
- Жоқары билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлер тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
- Туризм тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
- Ҳаўа қатнаўы ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге өзгерислер киргизиў ҳаққында протокол;
- Товарлар ҳәм транспорт қуралларының ҳәрекети ҳаққындағы дәслепки мағлыўматларды онлайн алмасыў ҳаққында протокол;
- Аўыл хожалығы тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
- Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
- Ветеринария тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
- Стандартластырыў, метрология ҳәм муўапықлықты баҳалаў тараўында меморандум;
- дин ислери бойынша түсинисиў ҳаққында уйымлараралық меморандумлар;
- Иордания Ҳошимийлер Патшалығы Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайнның мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша әмелий илажлар режеси.






