Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги инсанлардың қайтыс болыўына ҳәм Жақын Шығыста жағдайдың кескинлесиўине алып келген Израилдиң Иран Ислам Республикасына қарсы әскерий әмелияты бойынша терең қәўетерлениў билдиреди.
Барлық тәреплерди толық сабыр-тақатқа, әскерий ҳәрекетлерди жедел тоқтатыўға ҳәм келиспеўшиликти сиясий-дипломатиялық жол менен шешиўге шақырамыз.
Кең көлемли соқлығысыўға алып келиўи мүмкин болған айрықша жағдайдың және де кескинлесиўи қәўетер оятпақта.
Өзбекстан регионаллық турақлылықты беккемлеўге садықлығын және бир мәрте тастыйықлайды ҳәм келиспеўшиликтиң кескинлик дәрежесин азайтыў бойынша ҳәрекетлерге жәрдем бериўге таяр екенин билдиреди, - делинеди хабарда.