Өзбекстан ҳәм Кувейт жетекшилери кең көлемли шерикликти раўажландырыўға келисип алды

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Кувейт Мәмлекети Әмири Шайх Мишъал ас-Сабоҳ 17-февраль күни Ал-Кувейт қаласындағы "Ал-Баян" сарайында тар шеңберде ушырасыў ҳәм рәсмий делегациялар ағзаларының қатнасыўында сөйлесиў өткерди.

    Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы көрсетилип атырған қызғын қабыллаў ҳәм жоқары итибар ушын Әмирге миннетдаршылық билдирип, Кувейт жетекшиси ҳәм дос халқын жақынласып киятырған миллий байрамлар менен қызғын қутлықлады.

    Өзбекстан менен Кувейт арасындағы дослық ҳәм көп қырлы шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

    Президентимиз Кувейтте табыслы әмелге асырылып атырған, мақсет ҳәм ўазыйпалары Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының узақ мүддетли тийкарғы бағдарларына үнлес болған "Нигоҳ 2035" мәмлекетлик бағдарламасын айрықша атап өтти.

    Жедел сиясий сөйлесиўлер ҳәм уйымлараралық алмасыўлар, өз-ара товар алмасыў ҳәм инвестициялар көлеми турақлы артып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Өткен жылы Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилиси нәтийжели өткерилди, бир қатар әҳмийетли исбилерменлик илажлары шөлкемлестирилди.

    Саўда-экономикалық, инвестициялық, инновациялық ҳәм финанслық-техникалық тараўлардағы бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    "Жасыл" энергетика, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, инфраструктура, қала қурылысы, денсаўлықты сақлаў, туризм тараўлары әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында белгиленди.

    Биргеликтеги жойбарларды алға қойыў мақсетинде Инвестициялық платформа ҳәм Исбилерменлер кеңеси сыяқлы механизмлерди жолға қойыў, сондай-ақ, Ал-Кувейт қаласында саўда үйин ашыў бойынша келисимге ерисилди.

    Жаңа шериклик бағдарламасы шеңберинде Кувейт араб экономикалық раўажланыў фонды менен жойбарлар портфелин кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

    Буннан тысқары, Өзбекстан ҳәм Кувейтте мәденият ҳәм туризм ҳәптеликлерин өткериў, еки мәмлекет ўәкиллериниң көркем өнер, музыка, кино, билимлендириў ҳәм спорт тараўларындағы мәдений-гуманитарлық илажларда белсене қатнасыўына жәрдемлесиўге келисип алынды.

    Ушырасыўда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Қосылмаў ҳәрекети ҳәм басқа да абырайлы структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Усы жылдың май айында Самарқанд қаласында өткерилетуғын "Орайлық Азия – Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси" сөйлесиўи саммитине таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша биргеликтеги илажлар додаланды.

    Жетекшилер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.

    Сөйлесиўлердиң жуўмағында еки мәмлекет басшылары кең көлемли шерикликти раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қарар етти.

    Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Президенти Кувейт Әмирин мәмлекетимизге сапар менен келиўге мирәт етти.