Қарарға бола, Өзбекстан ҳәм Монголия ҳүкиметлери арасында халықаралық автомобиль қатнаўы ҳаққындағы ҳәм ҳаўа қатнаўы ҳаққындағы келисимлер тастыйықланды.
Келисимлер 2024-жыл 24-июнь күни Ташкент қаласында қол қойылған.
Транспорт министрлиги усы халықаралық шәртнамаларды әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйым етип белгиленди.
Министрлер Кабинети ҳәм тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшылары усы халықаралық шәртнамалар күшке киргеннен кейин белгиленген тәртипте олардың қағыйдаларының әмелге асырылыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлейди.