Дәслеп еки мәмлекет делегациялары басшыларының: Өзбекстан тәрепинен Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Ходжаев ҳәм Монголия тәрепинен Мәмлекетлик Уллы Хуралы ағзасы, Ҳүкимет ағзасы, Бас министрдиң орынбасары Саинбуян Амарсаиханлардың еки тәреплеме ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы қатнасықлардың бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары ҳәр тәреплеме көрип шығылып, өз-ара саўда көрсеткишлери, инвестицияларды тартыў ҳәм санаат кооперациясы бойынша анық мақсетлер белгилеп алынды.
Атап айтқанда, Өзбекстан менен Монголия арасындағы товар алмасыў көлеми өткен жылдың жуўмағы менен салыстырғанда дерлик 50 процентке артқаны, усы жылы да унамлы тенденция турақлы сақланып атырғаны атап өтилди.
Жеңил автомобиллер, азық-аўқат өнимлери ҳәм электр үскенелерин жеткерип бериўде сезилерли өсиў бақланды.
Ҳәзирги ўақытта Монголия компаниялары Өзбекстан аймақларында шарўашылық, геология, қаржы ҳәм медицина тараўларында жойбарларды әмелге асырмақта.
Тәреплер келешектеги бирге ислесиўди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп, Өзбекстан Республикасы ҳәм Монголия арасындағы саўда-экономикалық ҳәм илимий-техникалық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша Ҳүкиметлераралық комиссияның 1-мәжилиси шеңберинде сөйлесиўлерди даўам еттирди.
Мәжилисте тийисли министрликлер, уйымлар ҳәм тармақ бирлеспелери басшыларының әмелдеги келисимлердиң орынланыўы бойынша есабатлары тыңланды. Жойбарлардың ҳәр бир басқышы ҳәр тәреплеме талланып, оларды табыслы әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша нәтийжели шешимлер ислеп шығылды.
Илажлар бағдарламасы еки мәмлекеттиң 150 ден аслам ири компанияларының басшылары қатнасыўындағы бизнес-форум ҳәм исбилерменлер кеңесиниң шөлкемлестириў мәжилиси менен даўам етти.
Форумда Монголия тәрепинен Dornod meat market, Sodon Oil Trade, IATA, MONGOL BAZALT, Tsaramtainarvai, Ikh Dodizul Energy, Azipharma, Jargalant, Kapitron Bank, Mandal insurance қамсызландырыў ҳәм басқа да компаниялардың басшылары қатнасты.
Бас министрдиң орынбасары Жамшид Ходжаев өзиниң қутлықлаў сөзинде исбилермен топарлар арасындағы өз-ара бирге ислесиўди жеделлестириў, регионаллық базарлардың сыйымлылығы ҳәм транспорт-логистика имканиятларын терең таллаў тийкарында саўда байланысларын түп-тийкарынан кеңейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Бизнес-форумда Өзбекстан аймақлары ҳәм экономика тармақларының имканиятлары, таў-кән санааты, аўыл хожалығы, туризм, энергетика ҳәм басқа да тараўларды раўажландырыў бойынша анық инвестициялық басламалар менен жойбарлар таныстырылды.
Сондай-ақ, Өзбекстанда исбилерменлердиң қолайлы жумыс алып барыўы, ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў ушын жаратылған шараятлар,
мәмлекетимиздиң инвестициялық ҳәм санаат потенциалының әҳмийетли тәреплери ҳаққында сөз етилди.
Бағдарлама B2B ҳәм B2G ушырасыўлары менен даўам етти. Онда исбилерменлер жаңа, пайдалы байланыслар орнатыўы ҳәм өз-ара пайдалы жойбарлар ҳәм саўда келисимлерин биргеликте әмелге асырыўдың деталларын додалады.
Илажлар жуўмақлары бойынша Өзбекстан-Монголия ҳүкиметлераралық қоспа комиссиясының 1-мәжилис протоколы ҳәм бир қатар еки тәреплеме шәртнамалар, соның ишинде, Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм Монголия турмыслық илимлер университети арасында билимлендириў тараўына байланыслы келисимлерге қол қойылды.