Әзербайжан жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, Өзбекстанның турақлы раўажланыўы жолындағы мәмлекетшилик жумысында жаңа табыслар тиледи.
Өзбекстан Президентиниң усы ай басында Әзербайжанға әмелге асырған тарийхый мәмлекетлик сапарының пайдалы нәтийжелери үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жетекшилердиң болып өткен ушырасыўлары ҳәм Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилисиниң жуўмағында ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы Өзбекстан - Әзербайжан аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Товар алмасыў көлеми жыл басынан берли 30 процентке артты. Санаат зонасы ҳәм логистика компаниясын шөлкемлестириўди өз ишине алған перспективалы кооперациялық жойбарлар портфелин қәлиплестириў үстинде жумыс алып барылмақта. Нефт-газ тараўындағы стратегиялық жойбар бойынша Өнимди бөлистириўге байланыслы келисимге қол қойылды.
Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығын белгилеў шеңберинде ири биргеликтеги илажларға таярлық көрилмекте.









