Еки мәмлекет жетекшилери пүткил мусылман үммети ушын муқаддес Ийд ал-Фитр - Рамазан ҳайыты ҳәм қутлы Наўрыз байрамы мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлады. Дос Өзбекстан ҳәм Пакистан халықларына тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм турақлы раўажланыў тилеклери билдирилди.
Өзбекстан Президентиниң усы жыл февраль айында Пакистанға мәмлекетлик сапары еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шыққаны айрықша атап өтилди.
Жоқары дәрежедеги сапардан соң министрликлер, уйымлар ҳәм аймақлар дәрежесиндеги байланыслар сезилерли дәрежеде жеделлескени, өз-ара алмасыўлар анық мазмун ҳәм нәтийжелер менен байып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Сөйлесиўде тәреплер соңғы ўақытта Қубла Азия ҳәм Жақын Шығыс регионларында бақланып атырған кескинликтен қатаң қәўетерленип, ҳәр қандай қарама-қарсылық ҳәм машқалаларды тек ғана тыныш ҳәм дипломатиялық жоллар менен шешиў зәрүр екенлигин атап өтти.