"Өзбекстан Республикасы менен Қырғыз Республикасы арасында еркинен айырылған шахсларды жазаны өтеўди даўам еттириў ушын тапсырыў ҳаққындағы Шәртнаманы (Ташкент, 2024-жыл 18-июль) ратификациялаў ҳаққында"ғы нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Шәртнаманың тийкарғы мақсети қамақтағылар жазаны өз пуқаралығы болған мәмлекетте, яғный өз Ўатанында, шаңарағының жанында өтеў имканиятын жаратыўға қаратылған. Шәртнамада жаза мүддетин өтеп атырған қамақтағыларды ҳүкимди орынлаў ушын өз мәмлекетине тапсырыў тийкарлары, шәртлери ҳәм тәртиплери анық көрсетип өтилген.
Сондай-ақ, бул ҳүжжетте қамақтағыларды тапсырыўға байланыслы қәрежетлер, келиспеўшиликлерди шешиў, еки тәреплеме байланыс тиллери, Шәртнамаға өзгерис киргизиў ҳәм оның күшке кириўи сыяқлы әҳмийетли мәселелер орын алған. Шәртнамада Өзбекстан ҳәм Қырғызстан бас прокуратуралары тәреплердиң орайлық уйымлары етип белгиленген.
Атап өтилгениндей, бул Шәртнаманың ратификацияланыўы қамақтағы шахс өзине белгиленген жазаны өтеўди даўам еттириўин тәмийинлеў арқалы оны социаллық реабилитациялаўды жеделлестириў имканиятын береди.
Сөзсиз, қамақтағылардың жазаны өз мәмлекетинде өтеўи оларға жақын туўысқанлары менен турақлы көрисип турыў имканиятын бериў менен бирге қамақтағылардың шаңарақлық қатнасықларына унамлы тәсир етеди ҳәм олардың жәмийетлик турмысқа бейимлесиўин тезлестиреди.