Бул ҳаққында "Дунё" МА хабар берди.

Ушырасыў ўақтындағы сөйлесиўлер даўамында бажыхана тәртиплерин әпиўайыластырыў, бажыхана мәлимлеме системаларын үйлестириў, заманагөй логистика орайларын қурыў, сондай-ақ, жүкти тасыў ҳәм жеткерип бериўде ўақыт ҳәм материаллық қәрежетлерди азайтыў ушын шегара өтиў пунктлерин модернизациялаў мәселелери көрип шығылды.

Қосымша:

Гишткўприк (Өзбекстан) - Жибек Жолы (Қазақстан) ҳәм Давут-ата (Өзбекстан) - Тажен (Қазақстан) тийкарғы шегара өткериў пунктлеринде оңлаў жумысларын жеделлестириў арқалы саўда көлемин ҳәм туризм көрсеткишлерин арттырыў бойынша әмелге асырылатуғын илажлар бойынша пикир алысылды.

Сырдәрья ўәлаяты аймағында шөлкемлестирилип атырған Халықаралық санаат кооперациясы орайы жанында жайласқан Сырдәрья-Атамекен шегара өткериў пункти инфраструктурасын заманагөй талаплар тийкарында модернизациялаў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Тәреплер мийўе-овощ ҳәм басқа да тез бузылатуғын жүклерди тасыўда қолайлықлар жаратыў, олардың оператив ҳәрекетлениўин тәмийинлеў мақсетинде "жасыл коридор" системасын енгизиў перспективаларын додалады.

Өткерилген ушырасыў Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы саўда-экономикалық, логистика ҳәм трансшегаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, еки мәмлекет арасындағы товар айланысы ҳәм транспорт-транзит потенциалын арттырыўға қаратылған әмелий илажларды белгилеп алыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.