Өзбекстан - Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын жақында Алматы қаласында болып өткен еки мәмлекет басшыларының рәсмий емес ушырасыўында ерисилген келисимлерди есапқа алған ҳалда және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Еки мәмлекет ҳүкиметлери товар алмасыўды көбейтиў, экономикалық жойбарлар ҳәм гуманитарлық бағдарламаларды, соның ишинде, аймақлар дәрежесинде алға қойыў бойынша муўапықластырылған илажлар көриўи әҳмийетли екени атап өтилди.
Халықаралық санаат кооперациясы орайын иске қосыў процесин жеделлестириў ҳаққында келисип алынды.
Сондай-ақ, регионаллық күн тәртиби бойынша пикир алысылды, жоқары дәрежедеги илажлар кестеси көрип шығылды.