баннер
27 Mar 2025
04:34

    Өзбекстан ҳәм Қазақстан сыртқы ислер министрлери Кеңесиниң биринши мәжилиси өткерилди

    2025-жыл 20-март күни Хийўа қаласында Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Қазақстан Бас министриниң орынбасары - сыртқы ислер министри Мурат Нуртлеу менен еки мәмлекет сыртқы ислер министрлери Кеңесиниң биринши мәжилисин өткерди.

    Стратегиялық шериклик ҳәм дослық байланысларын және де беккемлеў сыяқлы әҳмийетли темалар күн тәртибинен орын алды.

    Сыртқы ислер министрлери Кеңесиниң биринши мәжилисиниң протоколына қол қойылып, сиясий сөйлесиўди беккемлеў, саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм халықлар арасындағы мәдений байланысларды тереңлестириўге келисип алынды.

    Сондай-ақ, мийманлар ЮНЕСКОның Дүнья жүзилик мийрасы дизимине киргизилген Хийўадағы Ишан қала комплексине барып, ата-бабаларымыздың бай мәдений-тарийхый мийрасы менен танысты.

    Хийўаның бийтәкирар архитектурасы ҳәм күшли руўхы халықларымыз арасындағы әсирлик уқсас тарийх ҳәм дослықтың тымсалы екени және бир мәрте атап өтилди. Сапар даўамында өткерилген конструктивлик сөйлесиўлер еки туўысқан мәмлекет арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech