Мәмлекетимиз басшысы 2024-жылы шөлкемлестирилген Жоқары мәмлекетлераралық кеңес форматы өзиниң әҳмийетлилиги ҳәм нәтийжелилигин көрсеткенин атап өтти.
- Бүгин қатнасықларымыз стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық сыяқлы жоқары дәрежеге көтерилди, - деди Шавкат Мирзиёев.
Тәреплер бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын, еки тәреплеме потенциалдан пайдаланыў жолларын ҳәр тәреплеме додалады ҳәм Өзбекстан - Қазақстан шериклигин кеңейтиўге үлкен пәт бағышлайтуғын бир қатар қарарлар қабыл етти.
Өз-ара саўданың турақлы өсиўин тәмийинлеў, оның структурасын диверсификациялаў ҳәм бизнес ушын қолайлы шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылды.
Жыл басынан берли товар алмасыў 4 миллиард долларға жеткени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бул көрсеткишти 2030-жылға шекем 10 миллиардқа жеткериў мақсет етилген.
Буның ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылды, саўда-инвестициялық келисимлердиң салмақлы топламы қәлиплестирилди, "ӨзКазТрейд" компаниясы шөлкемлестирилди, бизнес топарлар арасында тиккелей бирге ислесиў механизмлери жолға қойылды.
Мәмлекетимиз жетекшиси санаат кооперациясы тараўындағы үлкен табысларды атап өтти.
Сапар етиў даўамында "Орайлық Азия" халықаралық санаат кооперациясы орайы, сондай-ақ, 1,3 миллиард долларлық бир қатар әҳмийетли жойбарлар иске қосылады. Буннан тысқары, химия, геология, инфраструктура, логистика, агросанаат ҳәм көплеген басқа да тараўлардағы жойбарларды өз ишине алған улыўма баҳасы 8 миллиард доллардан аслам болған кең көлемли Санаат кооперациясы бағдарламасы таярланған.
Транспорт ҳәм логистика тараўындағы системалы шериклик тийкарғы бағдар сыпатында көрсетип өтилди. Жаңа транспорт коридорларын, соның ишинде, Үшқудық - Қызылорда жөнелисин жаратыў, Ақтаў, Қурық ҳәм Қорғас портларында жүк тасыўды хошаметлеў бойынша биргеликте жумыс алып барыў зәрүрлиги атап өтилди.
Энергетика ресурсларын тасыў ҳәм қайта ислеў, энергияны үнемлеў, "жасыл" технологиялар ҳәм IТ тараўларын енгизиў бойынша өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўге таярлық билдирилди.
Суў-экология тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў бойынша нәтийжели илажлар көриледи. Тәреплер сапар даўамында Трансшегаралық суў объектлерин биргеликте басқарыў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққындағы келисимге қол қойылғанын қоллап-қуўатлады.
Жетекшилер гуманитарлық байланыслар айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Усы жылы Алматы ҳәм Астана қалаларында қоспа мәдений илажлар - "Ләзги" балети, художниклер көргизбеси, дөретиўшилер форумы ҳәм жаслар фестивалы, Өзбекстанда Қазақстан медицинасы күнлери ҳәм Ташкентте Астана күнлери табыслы өткерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Илимий ҳәм билимлендириў мәкемелери, жаслар шөлкемлери арасындағы алмасыўларды даўам еттириў, жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы қоспа бағдарламаларды кеңейтиўге келисип алынды.
Биргеликтеги туристлик маршрутларды ислеп шығыў, Өзбекстан ҳәм Қазақстанның тарийхый орынлары, бай мәдений ҳәм руўхый мийрасын үгит-нәсиятлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, сөйлесиўлердиң күн тәртиби бойынша Бас министрлердиң орынбасарлары, энергетика, транспорт ҳәм мәденият министрлериниң мәлимлемелери тыңланды.
Мәмлекетлераралық жоқары кеңестиң екинши мәжилисиниң жуўмақлары бойынша бир қатар әҳмийетли қарарлар қабыл етилди.












