Сөйлесиў алдында мәмлекет басшылары Жеңистиң 80 жыллығы мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлады.
Өзбекстан-Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеў, соның ишинде, Россия Президентиниң өткен жыл май айындағы Өзбекстанға сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң пәтин сақлап қалыўға қаратылған муўапықластырылған илажларды қабыл етиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Экономиканың тийкарғы тармақларындағы жойбарларды таярлаў ҳәм әмелге асырыўды жеделлестириў, сондай-ақ, аймақлар арасындағы кооперациялық байланысларды хошаметлеўге айрықша итибар қаратылды.
Гуманитарлық алмасыўлар, бәринен бурын, мәденият, көркем өнер, илим ҳәм билимлендириў тараўларында нәтийжели болып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.