Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелерин додалады

    Сиясат 8 шілде 2025 3492

    8-июль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

    Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды. Жоқары дәрежеде, бәринен бурын, саўда-экономикалық тараўда ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

    Товар алмасыў көрсеткишлерин арттырыў, экономиканың тийкарғы тармақларында санаат кооперациясы жойбарларын алға қойыў, аймақлар дәрежесиндеги нәтийжели байланысларды, жедел мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў алмасыўын кеңейтиў мақсетинде өз-ара муўапықластырылған жумыслар ҳәм әмелий уйымлараралық бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Усы мәниде, усы жылдың гүзинде өткерилиўи режелестирилген Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары кеңесиниң екинши мәжилисине пуқта таярлық көриў ҳәм оның нәтийжелилигин тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Мәмлекет басшылары халықаралық күн тәртиби бойынша да пикир алысты, болажақ илажлар режесин көрип шықты.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates