Өзбекстан ҳәм Россия Президентлери еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады

    Сиясат 2 қыркүйек 2025 4979

    Пекин қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң ушырасыўы болып өтти.

    Сөйлесиў алдынан Россия жетекшиси мәмлекетимиз басшысы ҳәм Өзбекстанның көп миллетли халқын Ғәрезсизлик күни менен қызғын қутлықлап, абаданлық, турақлы раўажланыў тиледи.

    Бурын болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ўақтында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў көзқарасынан Өзбекстан - Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

    Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң пәтин сақлап қалыўға қаратылған муўапықластырылған илажларды қабыл етиў әҳмийетли екени атап өтилди.

    Экономиканың тийкарғы тармақларында жойбарларды таярлаў ҳәм әмелге асырыўды жеделлестириў, аймақлар арасында ҳәм шөлкемлестирилген қоспа санаат парклери шеңберинде кооперациялық байланысларды хошаметлеўге айрықша итибар қаратылды.

    Гуманитарлық тараўда, бәринен бурын, мәденият, көркем өнер, илим ҳәм билимлендириў бағдарларында нәтийжели бирге ислесип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates