Өзбекстан менен Словакия арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли тәреплери көрип шығылды.
Барлық дәрежелерде еки тәреплеме алмасыўлар унамлы пәт пенен даўам етип атырғаны, сондай-ақ, тийкарғы бағдарларда бирге ислесиў беккемленип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Усы жылы сиясий мәсләҳәтлесиўлер ҳәм Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилиси табыслы өткерилди. Исбилерменлик байланыслары жеделлести. Қоспа кәрханалардың саны үш есеге көбейди.
Товар алмасыў ҳәм инвестициялардың көлемин арттырыў, сондай-ақ, әҳмийетли тармақларда санаат кооперациясы жойбарларын кеңейтиў мәселелери додаланды.
Өзбекстаннан тоқымашылық, былғары, мийўе-овош ҳәм басқа да өтимли өнимлер, Словакиядан каучук, автомобиллер ушын комплектлеўши бөлеклер, фармацевтика ҳәм басқа да санаат товарларын жеткерип бериўди көбейтиўге келисип алынды. Усы мақсетте миллий өнимлер көргизбелерин өткериў, саўда үйлерин ашыў режелестирилген.
Санластырыўды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Банклердиң киберқәўипсизлик мониторингин алып барыў ҳәм жүк тасыўларды бақлаўдың алдынғы системаларын енгизиў бойынша биргеликтеги орай шөлкемлестириў мәселесин ислеп шығыў усыныс етилди.
Словакия бизнеси менен автомобиль комплектлеўши бөлеклер, таяр сүт өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиўди және де кеңейтиўге таярлық билдирилди.
Гуманитарлық ҳәм билимлендириў алмасыўларын жеделлестириў перспективалары көрип шығылды. 2026-жылы Братислава қаласында еки мәмлекет ректорларының биринши форумын өткериў, туризм көргизбелери ҳәм өз-ара Туризм күнлерин шөлкемлестириў усыныс етилди. Тәртипли мийнет миграциясын жолға қойыў мәселесине де тоқтап өтилди.
Көп тәреплеме майданларда өз-ара қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмиетке ие актуал мәселелер бойынша пикир алысылды.









