Өзбекстан ҳәм Словения технологиялық ҳәм санаат бирге ислесиўин кеңейтиўге умтылмақта

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Словения Республикасына рәсмий сапары шеңберинде усы елдиң Бас министри Роберт Голоб пенен ушырасыў өткерди.

    Өзбекстан менен Словения арасындағы көп қырлы бирге ислесиў ҳәм әмелий шерикликти, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда кеңейтиў мәселелери дыққат орайында болды.

    Болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң пайдалы нәтийжелери жоқары баҳаланды.

    Саўда, инвестиция ҳәм кооперация тараўларында биргеликтеги жумысларды жеделлестириў әҳмийетли екени атап өтилди. Сапар етиў шеңберинде өткерилетуғын бизнес форум жаңа байланысларды орнатыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды алға қойыў ушын нәтийжели майдан болатуғыны атап өтилди.

    Талап жоқары болған өнимлерди өз-ара жеткерип бериўди көбейтиў арқалы товар алмасыў көлемин 500 миллион евроға жеткериў илажлары көрип шығылды. "GSP+" преференциялар системасы ҳәм бүгин қол қойылған стандартластырыў ҳаққындағы келисим де саўданың өсиўине түртки береди.

    Технологиялық модернизацияға итибар қаратқан ҳалда Санаат кооперациясын раўажландырыў режеси таярланады. Усы мәниде, Словения жетекши компанияларының Өзбекстанда электротехника, үскене қурылысы, фармацевтика, "жасыл" энергетика, "ақыллы" аўыл хожалығы тараўларында жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы умтылыслары қоллап-қуўатланды.

    Бундай өндирислерди мәмлекетимизде "Inpark" басқарыўында Европа компаниялары ушын шөлкемлестирилип атырған арнаўлы санаат паркине орналастырыў усыныс етилди.

    Мийнет миграциясы тараўында системалы бирге ислесиўди жолға қойыў мақсетинде турақлы жумыс алып баратуғын экспертлер топарын дүзиў ҳәм зәрүр нормативлик-ҳуқықый базаны таярлаўға келисип алынды.

    Сондай-ақ, еки мәмлекет арасында тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў ҳәм миллий өнимлердиң Европа Аўқамы базарына шығыўы ушын Копер порты инфраструктурасынан пайдаланыў имканиятларын биргеликте үйрениўге келисип алынды.

    Мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиў мәселелери сөйлесиўлердиң айрықша темасы болды. Экологиялық туризмди, соның ишинде, таўлы ҳәм аўыллық аймақларда раўажландырыў бойынша Словения тәжирийбесине айрықша қызығыўшылық билдирилди.

    Биргеликте билимлендириў бағдарламаларын раўажландырыў, соның ишинде, Ташкент қаласында Жаслар инновациялар форумын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, келеси жылы өз-ара мәденият күнлери ҳәм Любляна қаласында Өзбек кино ҳәптелиги өткериледи.

    Бирге ислесиўдиң белгиленген бағдарларын алға қойыў мақсетинде усы жылы июль айында Любляна қаласында Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилисин өткериўге келисип алынды.

    Буннан тысқары, ерисилген келисимлер ҳәм қол қойылған келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў мақсетинде еки мәмлекет ҳүкиметлери тәрепинен кең көлемли "жол картасы" қабыл етиледи.

    Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Словения Бас министри Роберт Голобты өзи ушын қолайлы ўақытта Өзбекстанға сапар менен келиўге мирәт етти.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates