баннер
3 Apr 2025
03:15

    Өзбекстан ҳәм Тәжикстан жетекшилери әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Хожанд қаласына келгеннен соң, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен ушырасыў өткерди.

    Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде еки тәреплеме дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

    Сөйлесиў алдынан мәмлекет басшылары мүбәрек Рамазан ҳайыты менен бир-бирин ҳәм дос халықларымызды қызғын қутлықлады.

    Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиў жоқары дәрежеге көтерилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    2024-жылы товар алмасыў көлеми 700 миллион доллардан асты. Санаат, энергетика, электротехника, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта. Нәтийжели аймақлараралық байланыслар ҳәм жедел мәдений-гуманитарлық алмасыў жолға қойылған.

    Ҳүкиметлераралық комиссияның болажақ мәжилисинде әмелий бирге ислесиў бойынша биргеликтеги жойбарларды жеделлестириў илажларын ислеп шығыў әҳмийетли екени атап өтилди.

    Жетекшилер регионаллық күн тәртиби, соның ишинде, мәмлекетимизде өткерилетуғын көп тәреплеме саммитлер бойынша да пикир алысты.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech