Сөйлесиў алдында Өзбекстан ҳәм Тәжикстан жетекшилери быйыл 31-март күни Хоженд қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги үш тәреплеме ушырасыўдың тарийхый нәтийжелерин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Шегара мәселелериниң толық тәртипке салыныўы регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўда жаңа бет ашатуғыны атап өтилди.
Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Усы айда болып өтетуғын Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилисинде товар алмасыўды көбейтиў ҳәм кооперация жойбарларын жеделлестириў бойынша анық илажларды ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Жетекшилер регионаллық күн тәртибиндеги мәселелерди, сондай-ақ, еки ҳәм көп тәреплеме илажларға таярлықты додалады.