Мәмлекетимиз басшысы мәмлекетлик сапар менен елимизде болып турған Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонды Бухара халықаралық аэропортында күтип алды.

Салтанатлы күтип алыў мәресими болды. Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине миллий қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылды.

Бүгин жетекшилер әемги Бухараның тарийхый орынларына барады. Санаат кәрханаларының жумысы менен де танысыў нәзерде тутылған.