Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлери еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелерин көрип шықты

    Душанбе қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның ушырасыўы болып өтти.

    Сөйлесиў алдынан Өзбекстан жетекшиси Тәжикстан Президентин Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына басшылығы нәтийжели болғаны менен қызғын қутлықлады ҳәм "Орайлық Азия - Россия" форматындағы болажақ ушырасыў ҳәм ҒМДА саммити табыслы өтиўин тиледи.

    Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

    Еки тәреплеме бирге ислесиў унамлы пәт пенен раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў ҳәм жүк тасыў көлеми, авиақатнаўлар саны артып бармақта.

    Өз-ара саўданы көбейтиў, санаат, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда кооперация жойбарларын алға қойыў бойынша муўапықластырылған илажларды қабыл етиўге айрықша итибар қаратылды.

    Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыў ҳәм нәтийжели аймақлараралық байланысларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер, соның ишинде, усы жылы ноябрь айында Ташкент қаласында өткерилетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў бойынша толық пикир алысылды.

    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates