Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлери телефон арқалы сөйлести

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.

    Сөйлесиў алдынан Тәжикстан жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм үлкен табыслар, дос Өзбекстан халқына тынышлық-парахатшылық ҳәм раўажланыў тиледи.

    Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, бәринен бурын, жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

    Өз-ара саўда көлеми артып атырғаны, экономиканың түрли тармақларында, соның ишинде, биргеликтеги инвестициялық компания арқалы кооперациялық жойбарлар алға қойылып атырғаны атап өтилди. Шегара алды саўда орайларын ашыў үстинде жумыс алып барылмақта. Самарқанд ҳәм Душанбе қалалары арасында тиккелей авиақатнаўларды тикленди. Әҳмийетли мәдений бағдарламалар әмелге асырылмақта.

    Жетекшилер регионаллық күн тәртибиндеги мәселелерди, соның ишинде, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриўди де додалады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates