Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады

    Ҳүкимет 30 желтоқсан 2024 2094

    Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

    30-декабрь күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов бир-бирин ҳәм туўысқан халықларымызды кирип киятырған 2025-жыл менен қызғын қутлықлап, саў-саламатлық, бахыт-ығбал, абаданлық, тынышлық ҳәм раўажланыў тиледи.

    Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

    Өз-ара товар алмасыўдың жедел пәтлер менен өсип, энергетика, транспорт, санаат, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында кооперация кеңейип атырғаны, уйымлараралық ҳәм аймақлараралық байланыслар, исбилерменлик ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлар жеделлескени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Мәмлекетимиз басшысы быйыл шайыр ҳәм ойшыл Мақтымқулы Фироғий туўылғанының 300 жыллығы мүнәсибети менен жоқары дәрежеде өткерилген халықаралық илажларға айрықша тоқтап өтти. Өзбек ҳәм түркмен кино дөретиўшилери тәрепинен көркем фильм сүўретке алынғаны, бир қатар биргеликтеги илажлар өткерилгени атап өтилди.

    Сөйлесиў ўақтында Орайлық Азия мәмлекетлери басшылары Мәсләҳәт ушырасыўының гезектеги мәжилисине таярлық көриў көзқарасынан регионаллық бирге ислесиў мәселелери додаланды. Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери болажақ илажлар режесин де көрип шықты.


    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates