баннер
21 Mar 2025
17:43

    Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелерин көрип шықты

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-март күни Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести. Еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

    Сөйлесиў алдынан мәмлекет басшылары жақынласып киятырған бәҳәр әййямы - Наўрыз мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм табыслар, дос Өзбекстан ҳәм Түркменстан халықларына тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

    Дослық, исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик принциплерине тийкарланған көп қырлы Өзбекстан-Түркменстан қатнасықлары жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    2024-жылы өз-ара товар алмасыў көлеми 1 миллиард доллардан артты. Санаат, энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы, экономиканың басқа да тармақларында өз-ара пайдалы бирге ислесиў раўажланбақта ҳәм кооперация тереңлеспекте. Биргеликте "Шават - Ташаўыз" шегараалды саўда зонасы шөлкемлестирилмекте, жедел аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламасы шеңберинде илажлар өткерилмекте.

    Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери регионаллық шериклик, әҳмийетли форум ҳәм әнжуманларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

    Самарқанд қаласында "Орайлық Азия плюс" форматында өткерилетуғын саммитлер ҳәм Ташкент қаласында регион мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўының күн тәртиби бойынша толық пикир алысылды.

    Мәмлекетимиз басшысы усы жылдың декабрь айында Ашхабад қаласында Түркменстанның басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы тәрепинен жәрияланған Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы шеңберинде өткерилетуғын форум ҳәм басқа да халықаралық илажлар үлкен әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech