Мәмлекетимиз басшысы дос Түркменстан Президенти ҳәм халқын мәмлекетимиз тәрепинен бийтәреплик жәрияланғанының 30 жыллығы, усы қутлы сәнеге бағышланған Халықаралық форум жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени, 2025-жыл "Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы" деп жәрияланғаны менен қызғын қутлықлады.

Түркменстан Президентиниң жақында Өзбекстанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - Түркменстан стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Жыл басынан берли товар алмасыў дерлик бир миллиард долларға жетти. "Шават - Ташаўыз" шегараалды саўда зонасы табыслы жумыс алып бармақта. Жүк тасыў көлеми, соның ишинде, "Түркменбашы" порты арқалы 30 процентке артты. Жедел гуманитарлық ҳәм аймақлараралық алмасыўлар даўам етпекте.

Ҳүкиметлераралық комиссия, Исбилерменлер кеңеси ҳәм Аймақлар форумының болажақ мәжилислеринде саўда көлемин бир неше есеге арттырыў, экономика тармақларында, соның ишинде, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм басқа да тараўларда қоспа кооперациялық жойбарларды нәтийжели алға қойыў бойынша тәсиршең илажлар көриў әҳмийетли екени атап өтилди.