Еки тәреплеме ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер көрип шығылды.
Мәмлекет басшылары кейинги жыллары Өзбекстан менен Қытай арасындағы дослық ҳәм барлық шараятларда ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықлары мисли көрилмеген жоқары дәрежеге көтерилгенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Өзбекстан Президентиниң 2024-жыл январь айында Қытайға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлер избе-из әмелге асырылмақта.
Барлық дәрежелерде байланыслар ҳәм алмасыўлар сезилерли жеделлескени атап өтилди.
Сыртқы ислер министрлериниң стратегиялық сөйлесиўи жолға қойылды. Усы жылы июнь айының басында Самарқанд қаласында екинши Аймақлар форумы табыслы өткерилди.
Саўда-экономикалық ҳәм финанслық-инвестициялық бирге ислесиў жедел раўажланбақта. 2024-жылы товар алмасыў 14 миллиард долларға жетти. Инвестициялық жойбарлар портфели 60 миллиард доллардан асламды қурамақта.
Мәмлекетимиз аймақларында қоспа технопарклер ҳәм арнаўлы индустриаллық зоналар табыслы жумыс алып бармақта, "BYD" электромобиллерин ислеп шығарыў кеңеймекте.
"Жасыл" энергетика, нефть-газ, химия, фармацевтика, металлургия, таў-кән, тоқымашылық, азық-аўқат ҳәм қурылыс тармақларында сондай-ақ, логистика, "ақыллы" аўыл хожалығы, жасалма интеллект ҳәм санластырыў тараўларында перспективалы жойбарлар ислеп шығылмақта.
Қытайдың жетекши финанс институтлары менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў жолға қойылған. "Жипек жолы" қоры менен инвестиция платформасын кеңейтиў режелестирилген. Қытай Эксимбанки қатнасыўында пайтахтымызда Олимпиада қалашасының қурылысы жуўмақланбақта. Ташкент қаласында усы банктиң регионаллық филиалы ашылды.
Кәмбағаллыққа қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Жетекшилер "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" стратегиялық темир жол қурылысын жеделлестириў зәрүр екенлигин де атап өтти.
Билимлендириў, илим, туризм ҳәм мәденият, кадрлар таярлаў ҳәм қытай тилин үйрениў тараўларындағы алмасыўларды раўажландырыўдан мәпдарлық билдирилди.
Өзбекстанда Қытайдың Арқа-батыс аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы университетиниң филиалы жумыс алып бармақта, Үргенш университети негизинде Пекин университети менен биргеликте Халықаралық математика орайы шөлкемлестирилген.
Өткен жылы Конфуций институты жумысының 20 жыллығы белгиленди, Қытайдың "Лу Бань устаханасы" профессионал билимлендириў системасы енгизилмекте.
Келеси жылы еки мәмлекетте мәденият ҳәм көркем өнер ҳәптеликлерин өткериў режелестирилген.
Ушырасыўда халықаралық күн тәртиби бойынша да пикир алысылды. БМШ, ШБШ, "Орайлық Азия - Қытай" форматы ҳәм басқа да көп тәреплеме структуралар шеңбериндеги муўапықласыў ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Жуўмағында жетекшилер жанында Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўы бойынша еки тәреплеме сөйлесиўлер жуўмақланғаны ҳаққында протоколға қол қойылғаны жәрияланды.