Миллий Олимпиада комитетиниң мағлыўматына бола, 19-август күни өткерилген беллесиўлерде Өзбекстан сайланды командасы алтын медалға ийе болды.
Бул медалды еркин гүресшимиз Шерзод Поёнов қолға киргизди. -92 кг салмақ категориясында гүрескен палўанымыз сайлап алыўда Греция, Япония, Канада ҳәм нейтрал статуста гүрескен россиялы спортшыларды жеңиўге ерискен еди.
Шешиўши беллесиўде болса қазақстанлы Камил Куруглиевти жеңип өтип, жәҳән чемпионлығын қолға киргизди.








