баннер
31 Mar 2025
19:25

    Өзбекстанда 2035-жыл электр тутыныўы 121 млрд киловатт саат болыўы есап-санақ етилген

    Мәмлекетимиз басшысына атом энергетикасын раўажландырыўға қаратылған ўазыйпалардың орынланыўы бойынша мәлимлеме берилди.

    Мәмлекетимизде энергетика тараўында көплеген жойбарлардың әмелге асырылғаны нәтийжесинде соңғы бес жылда электр энергиясын ислеп шығарыў 30 процентке көбейип, 81,5 миллиард киловатт саатқа жетти. Өсип баратырған талапты қанаатландырыў ушын қайта тикленетуғын энергия дәреклери де жедел раўажландырылмақта. Оның генерациядағы үлеси 16 процентке жетип, өткен жылы 3,2 гигаваттлы қосымша қуўатлық жаратылды.

    Бул тараўда узақты гөзлеў, келешекке ҳәзирден тийкар таярлаў керек. 2035-жылы елимизде электрден пайдаланыў 121 миллиард киловатт саат болыўы есап-санақ етилген. Сол себепли энергетиканы барлық бағдарларда раўажландырыў илажлары көрилмекте.

    Атап айтқанда, 2030-жылға барып, жәми генерацияда "жасыл" энергия үлесин 50 процентке жеткериў режелестирилген. Узақ мүддетте атом энергиясы базалық дәреклерден бирине айланыўы нәзерде тутылған.

    Ҳәзирги күнде киши қуўатлылықтағы атом электр станциясын қурыў жойбары үстинде жумыс алып барылмақта. Оны әмелге асырыў имканиятларын додалаў ҳәм "жол картасы"н таярлаў мақсетинде жумысшы топарлардың ушырасыўлары өткерилди.

    Халықаралық атом энергиясы агентлиги менен 2025-2027-жылларға мөлшерленген Биргеликтеги ҳәрекетлер режеси ислеп шығылды. Болажақ станцияның қурылысының ҳәр бир басқышы - жойбарластырыўдан баслап жуўмақланғанына шекем Халықаралық атом энергиясы агентлигиниң қатаң қадағалаўы астында болады, дүньяның ең алдынғы тәжирийбелери ҳәм қәўипсизлик талаплары енгизиледи.

    Мәжилисте жуўапкерлер жойбардың барысы, шериклер менен сөйлесиўлер бойынша мәлимлеме берди. Рухсатнамалар алыў ҳәм қаржыландырыў мәселелери, сондай-ақ, үлкен қуўатлылықтағы атом электр станциясының техникалық-экономикалық тәреплери ҳәм оны қурыў режелери көрип шығылды.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech