Атап өтилиўинше, соңғы жыллары темеки ҳәм никотин өнимлериниң "заманагөй" ҳәм "инновациялық" түрлери, атап айтқанда, никотинди жеткерип бериў үскенелери, электрон сигареталар ҳәм олар ушын суйықлықлар және қыздырылатуғын темеки өнимлериниң елимизге нызамға қайшы түрде алып кириў жағдайлары ҳәм айланысы артып бармақта. Буннан тысқары, бул өнимлерди халық, әсиресе, жаслар арасында пайдаланыў жағдайлары көбейди.
Бул нызам жойбары менен республика аймағында айырым түрдеги темеки өнимлериниң, темекини ҳәм никотинди пайдаланыў үскенелериниң, соның ишинде, электрон сигареталарды ислеп шығарыў, таярлаў, өткериў мақсетинде оларды сақлаў, тасыў ямаса өткериў қадаған етилмекте.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў ямаса Өзбекстан Республикасы аймағынан алып шығыўға байланыслы тәсиршең илаж сыпатында ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгиленетуғыны нәзерде тутылмақта.