Өзбекстанда электрон хызметлер көрсетиўши сырт ел компаниялары дерлик 116 млрд сум салық төлеген

    29 қаңтар 2025 1242

    Өзбекстанда электрон хызметлер көрсетиўши 63 сырт ел компаниялары тәрепинен 2024-жылы 115,8 млрд сум салық төленген. Бул 2023-жылға салыстырғанда 1,5 есеге көп.

    Бул ҳаққында Салық комитети мәлим етти.

    Атап өтилиўинше, төленген салықлардың 99,9 проценти электрон хызметлер көрсетиўши төмендеги 10 сырт ел компанияларының үлесине туўра келеди:

    Meta - 41,7 млрд сўм;

    Google - 29 млрд сўм;

    Apple - 27,3 млрд сўм;

    Amazon - 4,1 млрд сўм;

    Вooking.соm - 3,6 млрд сўм;

    Netflix - 1,4 млрд сўм;

    Zoom - 1,4 млрд сўм;

    Acca - 1,2 млрд сўм;

    Xsolla - 966,7 млрд сўм;

    TikTok - 903 млрд сўм.

    Электрон хызметлер көрсетиўши сырт ел юридикалық шахслары өткен шеректен кейинги айдың 20-санынан кешиктирмей салық есабатларын усынады ҳәм салықларды төлейди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates