баннер
20 Apr 2025
00:20

    Өзбекстанда биринши мәрте тармақ тәризли (сшитый) полиэтилен ислеп шығарылады

    “Ўзэлтехсаноат” ассоциациясында мәмлекетимизде биринши мәрте "сшитый" полиэтилен шийки затын ислеп шығарыў жойбарына байланыслы жуўмақлаўшы келисим ҳүжжетлерине қол қойылды.

    Усы ҳүжжетлер тийкарында “Nasaf xcp techno” қоспа кәрханасы шөлкемлестирилип, жойбарға рәсмий старт берилди.

    Бул кәрхана "Шортан газ химия комплекси" ЖШЖ, Қытайдың “Yunnan Xinchengpeng Polymer Technology” компаниясы ҳәм “Ўзэлтехсаноат” ассоциациясына ағза “Techno Cable Group” кәрханасы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

    Жойбар мағлыўматларына бола:

    - Улыўма баҳасы: 8 миллион АҚШ доллары;
    - Өндирис қуўатлылығы: жылына 35 мың тонна;
    - Жаратылатуғын жаңа жумыс орынлары: 65;
    - Импорт орнын басыў көлеми: жылына 30 миллион АҚШ доллары.

    Өндирис процеси еки басқышта әмелге асырылады:

    1-басқыш: Тармақланған полиэтилен ислеп шығарылып, сынақтан өткериледи.
    2-басқыш: Галогенсиз компонентлер ислеп шығарыў үскенелерине буйыртпа бериледи.

    Қәнигелердиң пикиринше, Өзбекстанда бурын болмаған бул өнимди ислеп шығарыў нәтийжесинде ишки базардың жыллық 25-30 мың тонналық талабы жергиликли өндирис есабынан қапланады.

    Мағлыўмат ушын, тармақ тәризли полиэтилен (PE-X) әпиўайы полиэтиленге салыстырғанда бир қанша беккем, эластик ҳәм жоқары температураға шыдамлы болып, төмендеги тараўларда қолланылады:

    - Суў трубалары - ыссы ҳәм суўық суў системаларында;
    - Газ трубалары - жоқары басымға шыдамлылығы себепли;
    - Ысытыў системалары - пол асты ысытыў системаларында;

    Электр изоляциясы - кабеллерди қорғаўда.

    Жойбардың иске қосылыўы импорт көлемин сезилерли дәрежеде азайтыў менен бирге жаңа жумыс орынларын жаратыў, ишки санаат тармағын беккемлеўге хызмет етеди, - делинеди хабарда.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech