"Дунё" МАның хабар бериўинше, бул таңлаў Өзбекстан Президентиниң 2024-жыл 4-июньде қабыл етилген "Көркем аўдарма тараўында Муҳаммад Ризо Огаҳий атындағы халықаралық сыйлықты шөлкемлестириў ҳаққында"ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, өзбек әдебиятының ең жақсы шығармаларын шет тиллерге, жәҳән әдебиятының сайланды үлгилерин өзбек тилине аўдарыўды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде жәрияланды.
Елимизде биринши мәрте өткерилип атырған бул халықаралық әдебий таңлаў миллий әдебиятымызды дүнья жүзинде кеңнен үгит-нәсиятлап атырған, жәҳән әдебиятының ең сайланды шығармаларын өзбек тилине аўдарып, китапқумарларға усынып атырған пидайы аўдармашылардың мийнетин мүнәсип хошаметлеў, жаслар арасында китапқумарлықты ғалаба ен жайдырыў, сырт еллерде өзбекстанлы жазыўшылардың дөретиўшилигине қызығыўшылықты және де арттырыў сыяқлы ийгиликли мақсетлерди нәзерде тутады.
Бул таңлаўға дағаза берилген сәнеден баслап өткен бес жыл даўамында китап ҳалында басып шығарылған ямаса баспа дәўирлик ҳәм электрон әдебий басылымларда жәрияланған аўдарма шығармалар қабыл етиледи.
Халықаралық таңлаў төмендеги бағдарлар бойынша өткериледи ҳәм оған белгиленген көлемнен кем болмаған шығармалар қабыл етиледи:
- өзбек әдебияты прозалық шығармаларынан шет тилге исленген ең жақсы аўдарма - кеминде он баспа табақ.
- өзбек әдебиятының поэзиялық шығармаларынан шет тиллерге исленген ең жақсы аўдарма - кеминде бес баспа табақ;
- өзбек балалар әдебияты үлгилеринен шет тиллерге исленген ең жақсы аўдарма - кеминде бес баспа табақ;
- шет тиллерде жаратылған прозалық шығармалардан өзбек тилине исленген ең жақсы аўдарма - кеминде он баспа табақ;
- шет тиллерде жаратылған поэзиялық шығармалардан өзбек тилине исленген ең жақсы аўдарма - кеминде бес баспа табақ;
- шет тиллерде жаратылған балалар әдебияты үлгилеринен өзбек тилине исленген ең жақсы аўдарма - кеминде бес баспа табақ.
Драматургия жанрына тийисли аўдарма шығармалар усы бәнтте көрсетилген бағдарлар тийкарында көрип шығылады.
Халықаралық таңлаўға шығармалар 2025-жыл 1-сентябрьге шекем Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы тәрепинен қабыл етиледи.
Жеңимпазлар арнаўлы диплом, көкирек белгиси ҳәм базалық есаплаў муғдарының үш жүз есеси муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.








