Нызам жойбары менен Мийнет кодексине жумыстан тысқары жумысларға ҳақы төлеў ҳәм олардың даўамлылығын әпиўайыластырыў мақсетинде өзгерислер киргизилмекте.
Нызам жойбарында жумыстан тысқары жумыслардың максимал даўамлылығы жылына 120 саат болыўы ҳаққындағы норманы бийкарлаў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, ҳүжжетте жумыс ўақтынан тысқары жумысларға күнлик дәслепки еки саат ушын кеминде бир ярым есе, еки сааттан артық ислегенлерге болса кеминде еки есе муғдарында ҳақы төленетуғын нормалар белгиленген.
Депутатлардың атап өтиўинше, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи пуқаралардың мийнет ҳуқықларын тәмийинлеўге, шөлкемлерде мийнет өнимдарлығын арттырыўға ҳәм хызметкерлердиң дәраматларын көбейтиўге хызмет етеди.









