Өзбекстанда фермерлерге бир қатар жеңилликлер берилмекте. Бул 28-март күни қабыл етилген "Аўыл хожалығында жерден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм өним жетистириў көлемин көбейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарарында белгиленген.
Қарарға бола, 2025-жыл өниминен баслап ҳәр жылы пахтадан 50 центнер/гектар, ғәлледен 80 центнер/гектардан жоқары өним алғанын салық есабатларында сәўлелендирген фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханаларына келеси жылы:
ижараға алынған жәми жер майданының 25 процентине алмаслап егиў усылында шарўашылық ушын от-жем, овош, палыз, картошка, майлы ҳәм собықлы егинлерди егиў (жайластырыў) кепиллик бериледи;
Өзбекстан фермерлери кеңесине ағзалық төлеми пахта шийки заты бойынша биржада жәрияланатуғын басланғыш баҳадан ҳәм дәнниң қәлиплескен орташа баҳасынан 0,3 процент муғдарында белгиленеди;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-февральдағы ПП-18-санлы Пәрманының 15-бәнтине муўапық жер салығын есаплаўда базалық ставкаға пропорционал түрде үш есеге шекем азайтыўшы коэффициентлер қолланылады.
Буннан тысқары, аўыл хожалығы кооперативлерине ағза болған фермер хожалықларының 50 проценттен аспаған бөлегине пахта жетистириў ушын Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының ресурслары есабынан 50 процентлик мүлк гиреўи, атап айтқанда, жерге ижара ҳуқықы гиреўи менен жеңиллетилген кредит ажыратыўға рухсат етиледи, онда бул кредит пахта шийки затының жәрияланған басланғыш баҳасынан келип шығып ажыратылады.
Соның менен бирге, аўыл хожалығы кооперативлерине ағза болған фермер хожалықлары жетистирген пахта шийки затын тиккелей сатып алыўға рухсат бериледи, онда тиккелей шәртнамалар "Өзбекстан Республикалық товар-шийки зат биржасы" АЖның мәлимлеме порталында дүзилиўи ҳәм олар бойынша төлемлер биржаның есап-китап-клиринг операцияларын өткериў (төлем ҳүжжетлерине муўапық пул өткериў) қағыйдалары тийкарында әмелге асырылыўы белгиленди.
Ҳүжжетке бола, барлық түрдеги аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди ижараға бериўде 2025-жыл 11-марттан төмендеги тәртиплер енгизиледи:
электрон онлайн аукцион саўдасын өткериў ҳаққындағы хабарды жәриялаў мүддети 15 күннен 5 күнге, қайта саўдаларда - 5 күннен 1 күнге қысқартылады;
қайта саўдаларда тек ғана бир талапкерден арза келип түскен жағдайда, оған усы саўдаларда жәрияланған баҳада лотты ықтыярый сатып алыў усыныс етиледи;
ҳәр қайта саўдада лот баҳасы 10 проценттен басланғыш баҳаның 20 процентине шекем басқышпа-басқыш төменлетиледи.
1-апрельден аукцион саўдаларында жер участкасына ижара ҳуқықын алыў ушын төлемлерди бөлип-бөлип төлеў ҳәм төлем толық төленгенде шегирме бериў тәртиби бийкар етиледи, бул төлемлер 15 жумыс күни ишинде толық төлениўи шәрт екенлиги белгиленди.
2025-2026-жыллары аукцион саўдаларына шығарылатуғын аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер жәми майданының орташа 10-20 проценти шарўашылық ушын от-жем егинлерин егиў шәрти менен саўдаға шығарылады.