Инсан өмири, абырайы ҳәм қәдир-қымбатын улығлаў, мүтәжлерге меҳир менен қатнас жасаў, жақсылық ҳәм әдиллик принциплерине садық қалыў динимиз, мәдениятымыз ҳәм дәстүрлеримиздиң ажыралмас бөлеги болып есапланады.
Соңғы жыллары елимизде мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы инсаныйлыққа тийкарланған қатнасықларды буннан былай да беккемлеў, мүтәжлерге жәрдем көрсетиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Бул ийгиликли бағдарда елимиз ҳәр қандай дәўирлерде өзиниң кеңпейиллиги, мийрим-шәпәәти ҳәм адамгершилик дәстүрлерин көрсетип келмекте. Соның ишинде, Өзбекстанға алып келинген палестиналы пуқараларға (кейинги орынларда - мийманлар) баспана берилиўи ҳәм жәрдем көрсетилиўи халқымыздың әсирлер даўамында қәлиплескен қәдириятларға садықлығы ҳәм мәмлекетимиздиң ҳақыйқый адамгершилик сиясаты әмелде.
Мийманларға әдиллик принципи тийкарында турақлы ғамхорлық ҳәм социаллық жәрдем көрсетиўди тәмийинлейтуғын механизмлерди енгизиў мақсетинде қарар етемен:
I. Мийманлардың социалласыўын тәмийинлеў.
1. Мийманлар ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде төмендеги жумыслардың орынланғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
а) мийманларды ўақтынша жасаў объектлерине жайластырыў, олардың бирлемши талаплары бойынша мәселелер шешилди;
б) мийманларды медициналық тексериўден өткериў ҳәм зәрүр дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў илажлары көрилди;
в) мийманлардың жәмийетке интеграцияланыўын ҳәм руўхый қоллап-қуўатланыўын тәмийинлеў мақсетинде мәдений-ағартыўшылық ушырасыўлар ҳәм дослық кешелери сыяқлы илажларды (соның ишинде, балалар ушын) өз ишине алған арнаўлы бағдарламалар шөлкемлестирилди.
II. Мийманларды жәмийетке интеграциялаў жумысларын жеделлестириў
2. Палестинлик наўқаслар ҳәм оларға ерип барыўшыларды Өзбекстан Республикасында жасаўға бейимлестириў процесине жәрдемлесиў бойынша Республикалық комиссияның (кейинги орынларда - Республикалық комиссия) қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
3. Төмендегилер Республикалық комиссияның тийкарғы жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
а) мийманларға жаратылған имканиятларды жүзеге шығарыў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў;
б) мийманларды аймақлар кесиминде жайластырыў ҳәм усы илажлар менен байланыслы шөлкемлестириў мәселелерин шешиў;
в) мийманларды жәмийетке интеграциялаўға байланыслы мәселелерди турақлы түрде додалаў ҳәм бул бағдардағы бар тосқынлықларды сапластырыў ҳәм машқалаларды шешиўге қаратылған илажлар көриў;
г) мийманларды қоллап-қуўатлаў бойынша қысқа ҳәм узақ мүддетлерге мөлшерленген усынысларды ислеп шығыў, орынларда әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилигин мониторинг етиў.
III. Мийманлардың талапларын анықлаў жумысларын шөлкемлестириў.
4. Республикалық комиссия (С. Умурзақов) бир ай мүддетте мийманлардың мүтәжликлери ҳәм имканиятларын баҳалаў арқалы олардың жәмийетке интеграциясын тәмийинлеў бойынша ҳәр бир шаңарақ ушын зәрүр болған социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў режелерин ислеп шығып, тастыйықласын.
5. Төмендегилер:
а) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги (кейинги орынларда - Социаллық қорғаў миллий агентлиги) Республикалық комиссияның жумысшы уйымы есапланады;
б) мийманлар менен мәҳәлле дәрежесинде тиккелей жумыслар "мәҳәлле жетилиги" ҳәм "Инсан" социаллық хызметлер орайлары тәрепинен шөлкемлестириледи;
в) мийманлар ушын ислеп шығылған социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў режелери республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм де олардың бөлимлери ушын мәжбүрий есапланады.
IV. Мийманларды социаллық хызмет ҳәм жәрдем менен қамтып алыў
6. Социаллық қорғаў миллий агентлиги (М.Оллоёров):
а) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Худаяров) менен биргеликте еки ай мүддетте майыплыққа алып келиўши кеселликлерге шатылған мийманларға нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген емлениў мүддетине қарамастан майыплық белгилеў илажларын көрсин;
б) еки ҳәпте мүддетте мийманларға зәрүр жумыс стажына ие болмаған кексе пуқараларға берилетуғын напақа тайынланыўын тәмийинлесин.
7. Төмендегилер:
а) ҳәр бир мийнет жасындағы мийман (I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар буған кирмейди) ушын ҳәр айда минимал тутыныў қәрежетлери муғдарында жасаў напақасы енгизиледи;
б) мийманлардың ҳәр бир шаңарағына жасаў мәнзили бойынша турақ жайдың ижара қәрежетлери қаплап бериледи;
в) мийманларға перзент туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа ҳәм жерлеў ушын напақа төлеми Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын белгиленген муғдарда төленеди;
г) мийманлардың ҳәр бир шаңарағына бирлемши зәрүр қураллар (шаңарақта пайдаланылатуғын азық-аўқатлық емес өнимлер топламы) сатып алыўы ушын бир мәртелик көлемли пул қосымша түрде төлеп бериледи;
д) мийманлардың шаңарақ ағзаларына жеке қоллап-қуўатлаў ҳәм индивидуал жәрдем көрсетиў, сондай-ақ, олардың мүтәжликлери ҳәм индивидуал талапларын жүзеге шығарыў мақсетинде бир мәҳәлледеги бир социаллық хызметкер бириктириледи.
V. Мийманлардың перзентлерин билимлендириўге тартыў.
8. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги Э. Каримова):
а) мийманлардың жасаў мәнзиллери бойынша олардың перзентлерин мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм мектеплерге жайластырыў;
б) мийманлардың ҳәр бир перзенти оқыў ҳәм тәрбия процесине бейимлесиўи ушын мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм мектеплердиң директорларының орынбасарларын бириктириў;
в) Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен биргеликте билимлендириў шөлкемлеринде мийманлар перзентлериниң бейимлесиўи ҳәм ҳәр тәреплеме камалға келиўи бойынша турақлы мониторинг әмелге асырыў илажларын көрсин.
9. Төмендегилер:
а) мийманлар мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалар тәмийнаты ушын ата-аналар төлеминен 2028-жыл 1-январьға шекем азат етиледи;
б) мийманлардың перзентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм мектеплерге нәўбетке қойылмастан, "Инсан" социаллық хызметлер орайларының талабы тийкарында жайластырылады;
в) Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 17-январьдағы "2025-жылда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-12-санлы қарары шеңберинде мийманлардың перзентлерин мәмлекетлик улыўма орта билимлендириў шөлкемлеринде қосымша билимлендириўге (кәсип-өнер, мәлимлеме технологиялары, жоқары билимлендириў шөлкемлерине таярлаў бағдарында) тартыў ҳәм оларды оқытыў қәрежетлериниң 100 проценти Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи.
10. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги (К.Шарипов) еки ай мүддетте мийманлардың сырт мәмлекетте улыўма орта арнаўлы, кәсип-өнер (профессионал), жоқары билимлендириў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў билим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлерин тән алыўды тест сынақларысыз ҳәм жыйым өндирмеген ҳалда әмелге асырсын.
VI. Мийманлардың денсаўлығын қоллап-қуўатлаў.
11. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Худаяров):
а) мийманлардың жасаў мәнзиллери бойынша шаңарақлық шыпакерлик пунктлери, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм район (қала) лық көп тармақлы орайлық поликлиникаларында есапқа қойылыўын тәмийинлесин;
б) мийманларға Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан медициналық жәрдем көрсетиўде кәмбағал шаңарақларға тийисли шахслар категориясы қатарында жоллама ажыратып барсын.
VII. Мийманлар бәнтлигин тәмийинлеў.
12. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги (Б.Захидов) Социаллық қорғаў миллий агентлиги (М.Оллоёров) менен биргеликте бир ай мүддетте мийманлардың қәлеўине бола олардың бәнтлигин тәмийинлеў, заманагөй кәсип-өнерди иелеўине жәрдемлесиў бойынша Республикалық комиссияға усыныслар киргизсин.
13. Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Орайлық банк, АК "Халық банки" ҳәм басқа да коммерциялық банклер исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегинде болған мийманларды шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, "Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў", "Бизнеске биринши қәдем" ҳәм "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламалары шеңберинде исбилерменликке тартыў илажларын көрсин. Онда бағдарламалар шеңберинде мийманлар финанслық жәрдемлерден пайдаланыўы ушын буйыртпалар қабыл етиў ҳәм ажыратылған қаржылардан пайдаланыўды мониторинг етиў ҳәким жәрдемшилери ҳәм мәҳәлле банкирлери тәрепинен әмелге асырылады.
VIII. "Мәҳәлле жетилиги"ниң мийманлар менен ислесиўин шөлкемлестириў.
14. Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Жаслар ислери агентлиги және Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң 2-қосымшаға муўапық мийманларды аўызбиршиликте мәҳәллениң руўхый орталығына қосыў бойынша "мәҳәлле жетилиги" ҳәм басқа да ўәкиллерге қосымша ўазыйпалар жүклеў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
15. Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы (К.Куранбаев), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Худаяров), Жаслар ислери агентлиги (А.Садуллаев) ҳәм Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети (З.Махкамова) бир ай мүддетте "мәҳәлле жетилиги" ҳәм басқа да ўәкиллерине қосымша жүкленген ўазыйпаларға тийкарланып ишки бағдарламаларды қабыл етсин ҳәм реже-кестеге муўапық зәрүр илажлар көрип барсын.
IХ. Мийманларды қоллап-қуўатлаў илажларын қаржыландырыў ҳәм Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириў
16. Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мийманлардың мәселелерин шешиў илажларын қаржыландырыў мақсетинде Социаллық қорғаў миллий агентлиги жанында юридикалық шахс статусысыз арнаўлы қорды шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
17. Төмендегилер:
а) арнаўлы қор төмендеги дереклер есабынан қәлиплестириледи:
(i) юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары;
(ii) халықаралық шөлкемлердиң грантлары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дереклер;
(iii) арнаўлы фондтың ўақтынша бос турған қаржыларын коммерциялық банклерге депозитке қойыўдан алынған процент көринисиндеги дәрамат;
б) арнаўлы қор қаржылары мийманлардың төмендеги мүтәжликлерине бағдарланады:
(i) зәрүр шараятларды жаратыў ҳәм тийисли хизметлерди шөлкемлестириў;
(ii) түрли қәрежетлерди қаплаў ҳәм қоллап-қуўатлаў илажларын көриў;
(iii) материаллық жәрдем көрсетиў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў илажларын әмелге асырыў.
18. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) арнаўлы қор қаржыларын басқарыў Республикалық комиссияның қарары тийкарында әмелге асырылады;
б) арнаўлы қор қәрежетлери бағдарларына өзгерис киргизиў Республикалық комиссияның қарарына муўапық әмелге асырылады;
в) физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен мийманларға бийғәрез берилетуғын мүлклер (турақ жай ҳәм автомототранспорт) жергиликли ҳәкимликлер балансына өткерилип, Республикалық комиссия тәрепинен басқарылады.
19. Бас прокуратура (И.Адхамов) Социаллық инспекция (Х.Кутпиддинов) менен биргеликте усы Пәрманның өз ўақтында ҳәм толық орынланыўын турақлы түрде қадағалап барсын.
20. Ишки ислер министрлиги (А.Ташпулатов) Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети (Б.Курбанов), Социаллық қорғаў миллий агентлиги (М.Оллоёров), Сыртқы ислер министрлиги (Б.Саидов) ҳәм Әдиллик министрлиги (А.Ташкулов) менен биргеликте бир ай мүддетте мийманларға жасаў гүўалығы (ID-карта) рәсмийлестирилиўин және олардың дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.
21. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң социаллық қорғаў бойынша кеңесгөйи - Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң директоры М.П.Оллоёров белгиленсин.
22. Пәрманның орынланыўын қадағалаў ҳәм орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң стратегиялық раўажланыў бойынша кеңесгөйи С.У.Умурзаковқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президент Ш.МИРЗИЁЕВ









