Президент Шавкат Мирзиёев 29-август күни орайға барып, соңғы пардозлаў ҳәм үскенелеў жумысларын көзден өткерди.
Саўлатлы имарат әййемги архитектуралық естеликлеримиз түринде қурылмақта. Миллий гүмбез ҳәм аркалар, нағыслардың әжайып үйлесими оған айрықша көрик бағышлаған. Комплекстиң төрт тәрепинде бийиклиги 34 метрли пештоқлар, ортада 65 метрли гүмбез қурылған.
Орайдың ең тийкарғы бөлиминде Қураны кәрим залы қурылмақта. Бул жерде мусылман дүньясының руўхый дүрданалары - әййемги Усман Мусхафи жайластырылады. Сондай-ақ, саманийлер, қараханийлер, хорезмшаҳлар, Өзбекхан, темурийлер ҳәм басқа да тарийхый династиялар дәўиринде жазылған муқаддес китабымыз нусқалары ҳәм олардың ески өзбек тилиндеги аўдармалары қойылады. Дүньядағы ең сийрек ушырасатуғын қолжазба Қуранлардан да үлгилер орын алады.
Президентимиз бул залдағы соңғы пардозлаў жумысларын көрип, жуўапкерлерге өз усынысларын берди.
Орайда 460 орынлық әнжуманлар залы да қурып питкерилди. Бул жерде түрли халықаралық ушырасыўлар, әнжуманлар өткериў ушын барлық шараят жаратылған, ең соңғы маркадағы техника қураллары менен тәмийинленген.
- Өзбекстан уллы тарийхқа ийе. Уллы ата-бабаларымыз тәрепинен жаратылған илимий ҳәм мәдений мийрас адамзат тарийхында өшпес из қалдырған. Олар менен дүнья жәмийетшилигин хабардар етиўде бул орайдың орны шексиз болыўына исенемен, - деди Шавкат Мирзиёев.
Комплексте "Исламға шекемги цивилизациялар", "Биринши Ренессанс дәўири", "Екинши Ренессанс дәўири", "Өзбекстан XX әсирде", "Жаңа Өзбекстан - жаңа Ренессанс" сыяқлы бөлимлер шөлкемлестириледи. Бул дәўирлердиң тарийхы ҳәр қыйлы затлар, қолжазба дереклер, сүўретлер ҳәм мультимедиа қураллары арқалы көрсетилген. Хорезмий, Ферғаний, Фарабий, Беруний, Ибн Сина, Бурханиддин Марғинаний, Махмуд Замахшарий, Мырза Улуғбек, Әлийшер Наўайы, Бабур Мырза, Әлий Қусшы сыяқлы алым ҳәм ойшыллардың көп қырлы жумысы ҳаққында мағлыўмат берилген. Имам Бухарий, Имам Термизий, Ҳәким Термизий, Абу Мансур Мотуридий, Абу Муин Насафий, Қаффол Шоший, Абдулхолиқ Ғиждувоний, Нажмиддин Кубро, Баҳауддин Нақшбанд, Хожа Аҳрор Валий сыяқлы уламалардың ислам ағартыўшылығына қосқан үлеси ҳәр тәреплеме жарытылған.
Ҳәзирги ўақытта комплексте Бибиханым, Ханзадабегим, Гаўҳаршадбегим, Гүлбаданбегим, Надирабегим, Увайсий, Анбар Отин сыяқлы тарийхымызда терең из қалдырған белгили ҳаял-қызлардың илим-ағартыўшылық қәўендери сыпатындағы жумысы да өз көринисин тапқан.
Орайда уллы бабаларымыздың мийрасын терең үйрениў, оны бүгинги күнниң өткир машқалаларына жуўап бере алатуғын өмир бағышлайтуғын күшке айландырыў зәрүрлиги атап өтилди. Буның ушын Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясы, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридий атындағы ҳәм басқа да халықаралық илимий-ағартыўшылық шөлкемлер менен бирге ислесиў жолға қойылады, заманагөй қәўип-қәтерлерге мүнәсип илимий жуўаплар табылады.
Мәмлекетимиз басшысы орайдағы дөретиўшиликти жоқары баҳалап, оның жумысын дурыс шөлкемлестириў, мазмун-мәнисин байытып барыў бойынша көрсетпелер берди.
- Сегиз жыл даўамында бул жерде үлкен мийнет етилди. Усындай саўлатлы ҳәм терең мазмунлы орай қурдық. Бул жерге келетуғын мийманлар халқымыздың бай тарийхына, ата-бабаларымыздың билим ҳәм ой-пикирине тән береди, өзине үлкен руўхый күш алады, - деди Шавкат Мирзиёев.
Президентимиз орайға тутас аймақта қурылған саўда ҳәм хызмет көрсетиў имаратлары менен де танысты. Бул келешекте туризмди раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейди.















