баннер
21 Apr 2025
21:44

    Өзбекстаннан Кувейтке гөш ҳәм гөш өнимлериниң экспорты жолға қойылды

    Кеше «Jazeera Airways» авиакомпаниясы арқалы Өзбекстаннан «Fadl» бренди менен қус ҳәм мал гөши өнимлериниң Кувейтке дәслепки экспорты басланды.

    Өзбекстан елшиханасының мағлыўматына қарағанда, усы жылы 15-16-декабрь күнлери Ал-Кувайт қаласында өткерилген «Kuwait International Agro Food Exhibition» көргизбесинде Өзбекстан павильонында мәмлекетимиздеги «JN Distrubition» компаниясының «Fadl» бренди астындағы гөш ҳәм қус гөш өнимлери және консерваланған палаў ҳәм ҳалим миллий тағамлары көрсетилген еди.

    Нәтийжеде Өзбекстанның «JN Distrubition» ҳәм Кувейттиң «High Concorde Company for General Trading & Contracting» компаниялары арасында гөш өнимлерин Кувейтке экспорт етиў бойынша шәртнамаға қол қойылды, деп хабар береди "Дунё" ХА.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech