Өзбекстанлы мийирбийкелер Уллы Британия денсаўлықты сақлаў системасында жумысқа тартылыўы мүмкин

    Өзбекстан елшиханасының дипломатлары Уэлстиң CAVC English Academy колледжиниң ўәкиллери Алун Реес, Тереза Бразертон ҳәм Бен Гарнер менен онлайн ушырасыў өткерди.

    Онда Өзбекстаннан Уллы Британияға нызамлы жумысшы күшин тартыў, мигрантлардың кәсиплик билимлендириў ҳәм инглис тили көнликпелерин ийелеўин қоллап-қуўатлаў бойынша биргеликтеги жойбарлар көрип шығылды.

    Сондай-ақ, Өзбекстан мийирбийкелерине кәсиплик инглис тилин үйретиў арқалы оларды Уллы Британия денсаўлықты сақлаў системасында жумысқа жайластырыў мәселелери додаланды.

    Уэлс тәрепи Өзбекстанда мийнет миграциясы тараўында әмелге асырылған реформалар, ўәлаятлардағы таярлаў курслары ҳәм мийнет мигрантларына жаратылған қолайлықлар ҳаққындағы мағлыўматлар менен танысты.

    Британия тәрепи, өз гезегинде, Өзбекстан менен кәсиплик билимлендириў бағдарында бирге ислесиўди жолға қойыўдан қуўанышлы екенин билдирип, мәмлекет мийирбийкелериниң инглис тилин билиў дәрежесин арттырыўда әмелий жәрдем бериўге таяр екенлигин тастыйықлады.

    CAVC English Academy Уэлстеги ең ири профессионал билимлендириў мәкемелеринен бири есапланады. Оқыў бағдарламалары ҳәр қыйлы тараў ўәкиллери ушын мөлшерленген. Мәкеме 20 жылдан берли жумыс алып барады ҳәм ҳәр жылы 30 мыңнан аслам оқыўшы ушын жүзлеген курсларды усынады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates