Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланды.

Министр Имма Тор Фаус Өзбекстанда соңғы жылларда әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалап, республика Орайлық Азия регионының раўажланыўына салмақлы үлес қосып атырған локомотивке айланғанын атап өтти. Ташкент ҳәм Аўғанстан арасындағы жедел сөйлесиўге, соның ишинде, Өзбекстаннан гуманитарлық ҳәм социаллық жәрдем көрсетиў, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм аўған жаслары ушын билимлендириў бағдарламаларын шөлкемлестириўде әмелий жәрдемге айрықша итибар қаратылды.

Андорра СИМ басшысы, сондай-ақ, Өзбекстанның халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги басламалары, әсиресе, қоршаған орталық ҳәм ықлым өзгериўи мәселелеринде әҳмийетли екенлигин атап өтти.

"Өзбекстанның Андорраға жаңа елшисиниң тайынланыўы еки мәмлекет арасында ҳәр қыйлы тараўларда, соның ишинде, саўда-экономикалық тараўда, сондай-ақ, туризм, атап айтқанда, таў туризми сыяқлы тараўларды қоллап-қуўатлаўдағы бирге ислесиўди жеделлестириўге хызмет етеди", деди ол.

Ушырасыў жуўмағында Андорра тәрепи Өзбекстанда болып өтетуғын халықаралық илажларда, соның ишинде, Парламентлераралық аўқам ҳәм ЮНЕСКО мәжилислеринде қатнасыў ушын Князликтиң жоқары мәртебели ўәкиллерин жибериўге таяр екенин тастыйықлады.