Өзбекстанның Израилдағы елшиханасы ўатанласларға мәмлекетти тәрк етиў жоллары ҳаққында мағлыўмат берди

    18 маусым 2025 618

    Пуқаралардан Израиль аймағынан шығып баратырғанда жеке қәўипсизлик сақлық илажларын көриў ҳәм Фронт арты буйрығы тәрепинен берилген көрсетпелерге қатаң әмел етиў соралған.

    Ҳәзирги қәўипсизлик жағдайы мүнәсибети менен Израилды еркин түрде тәрк етиўди қәлеген Өзбекстан пуқаралары төмендеги қадағалаў-өткериў пунктлери арқалы мәмлекетти тәрк етиўи мүмкин.

    "Менахем Бегин" / "Таба" - Израиль-Египет шегарасында жайласқан (Израилдиң Эйлат ҳәм Египеттиң Таба қалалары арасында);

    "Шейх Хусейн" - Израиль-Иордания арқа шегарасында жайласқан (Израилдиң Байт-Шиан ҳәм Иорданияның Ирбит қалалары арасында);

    "Ицхак Рабин" / "Вади Арава" - Израиль-Иордания қубла шегарасында (Израилдин Эйлат ҳәм Иорданиянын Акаба қалалары арасында) жайласқан.

    Барлық көрсетилген шегара пунктлери ҳәзирги ўақытта әдеттеги тәртипте (24 саат) жумыс алып бармақта.

    Египет арқалы:

    "Менахем Бегин"/"Таба" қадағалаў-өткериў пункти (Эйлат қаласы)

    Өзбекстан пуқаралары усы пунктти кесип өтип, Египетке визасыз ("Синай кириў мөри" арқалы) кириўи мүмкин. "Синай кириў мөри" - 14 күнге шекем тек ғана Синай ярым атаўы аймағында болыў ҳуқықын береди (Қаҳира ҳәм басқа қалаларға барыў мүмкин емес).

    21 жасқа толмаған пуқараларға ата ямаса аналарынан бири жолдас болыўы шәрт.

    "Таба"дан Шарм эль-Шейхке шекем (270 км) автобус ямаса автомобиллерде ҳәрекетлениў имканияты бар.

    Авиақатнаўлар (Шарм эль-Шейх аэропортынан):

    "UzAiro‘ays": Ҳәптесине 3 мәрте (шийшемби, сәршемби, шемби, саат 12:35) Ташкентке.

    «Turkish Airlines»: Ҳәр күни 1 ямаса 2 мәрте Стамбулға (Истанбул халықаралық аэропортына) (Ташкентке транзит).

    "Pegasus Airlines": Ҳәр күни 1 ямаса 2 мәрте Стамбулға ("Сабиха Гёкчен" аэропортына) (Ташкентке транзит).

    Иордания арқалы:

    "Шайх Хусайн" (Байт-Шеан қаласы) ямаса "Ицхак Рабин"/"Вади Арава" (Эйлат қаласы) қадағалаў-өткериў пунктлери:

    Бул пункт арқалы Иордания пайтахтына шекем барып, кейин төмендеги авиа жөнелислерден пайдаланыў мүмкин:

    "Уммон - Истанбул - Тошкент"

    "Уммон - Дубай - Ташкент"

    Еслетпе: Иорданияға кириў ушын мәмлекет ИИМ сайты арқалы виза алыў зәрүр, - делинеди хабарда.