баннер
22 Mar 2025
23:41

    Ниғматилла Йўлдошев: мәмлекетте криминоген жағдай турақлылығын тәмийинлеў бойынша күшейтилген жумыс тәртиби енгизилди

    Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев елимиз халқына мүрәжат пенен шықты.

    Оның атап өтиўинше, мәмлекетте криминоген жағдай турақлылығын тәмийинлеў бойынша күшейтилген жумыс тәртиби енгизилди.

    Енди барлық күш ҳәм қураллар жынаятлардың ақыбетлери менен гүресиўге емес, оларды келтирип шығарып атырған тийкарғы себеп ҳәм факторларды анықлап, сапластырыўға қаратылады.

    Буның ушын прокуратура системасында:

    • "фуқаробай" жумыс системасы енгизиледи;
    • ҳәр бир пуқарада "жынаятшылыққа қарсы иммунитет"ти балалықтан қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылады;
    • жәбирленгенлердиң ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаў илажлары және де күшейтиледи.

    Сондай-ақ, мүрәжатта ол тергеўдиң сапасы және де арттырылатуғыны да атап өтилген. Бул процесслерде инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң бузылыўына жол қойылмайтуғынын мәлим еткен.

    "Қайсы уйымда болмасын, ҳәр бир тексериў ҳәм тергеў иси прокурорлардың күнделикли ҳәм қатаң қадағалаўында болады. Тексериў ҳәм тергеў ҳәрекетлериниң ҳәр тәреплеме, толық, ең тийкарғысы, қалыс ҳәм нызамлы өткерилиўин тәмийинлеўге, тергеў хызметкерлериниң жеке жуўапкершилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылады", - деди бас прокурор.

    Бул жумысқа илим жетискенликлери ҳәм заманагөй мәлимлеме технологиялары енгизиледи, тараўды санластырыў илажлары көриледи. Ең тийкарғысы, адамлардың тергеў уйымларында сергиздан болыўына, күш көрсетиў ҳәм зорлыққа ушыраўына, нызамсыз қамаққа алыныўы ҳәм жуўапкершиликке тартылыўына жол қоймаўдың барлық илажлары көриледи. Айыпланыўшыларға қәўипсизлик илажын қолланыўда әдилликти тәмийинлеў, қорғаў ҳуқықын беккемлеў, адвокатлардың жумысына тосқынлықларды сапластырыў прокурорлардың айрықша итибарында болады.

    "Буннан былай прокуратура уйымларының ең жоқары системасынан төменги буўынына шекем, улыўма, барлық күш ҳәм қуралларымыз коррупцияға қарсы гүресиўге толық мобилизацияланады. Бул бағдарда барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес структуралар, ҳәкимликлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығамыз, жәмийеттиң барлық қатламларының потенциалын бирлестириў жолынан барамыз", - деди Йўлдашев.

    Ниғматилла Йўлдошев жәмийетте коррупцияға қарсы маўасасызлық орталығын қәлиплестириўдиң барлық илажлары көрилетуғынын жәриялады.

    "Коррупцияға имканият берип атырған факторларды, түпкиликли себеплерди анықлаў ушын ең шетки аймақларға шекем барамыз, ҳәр бир тараўға терең киремиз. Социаллық сораўлар, сөйлесиў ҳәм ушырасыўлар шөлкемлестирип, халқымыздың наразылықлары, пикир ҳәм усынысларын турақлы үйренемиз. Сол арқалы, тараў ҳәм аймақлардағы "коррупция тесиклери"н анықлап, оларды түп-тамырынан сапластырыў бойынша мәнзилли илажлар көремиз", - деп атап өтти ол.

    Бюджет қаржылары, соның ишинде, субсидия ҳәм басқа түрдеги мәмлекетлик жәрдемниң жумсалыўы, мәмлекетлик сатып алыўлар, хызмет көрсетиў процесслери, улыўма, халық көп ушырасатуғын тараўларда ҳәр қыйлы қәте-кемшиликлер ҳәм бюрократиялық тосқынлықлардың алдын алыў, нызамлылықты тәмийинлеў дыққат орайында болатуғынын мәлим етти.

    "Ашық-айдынлықты тәмийинлеў, барлық тараўларды санластырыў, инсан факторын қысқартыў илажларына айрықша жуўапкершилик пенен қатнас жасаймыз. Коррупцияны әшкаралаў бойынша биргеликтеги илажларды да және де жеделлестиремиз, улыўма етип айтқанда, халық ҳәм исбилерменлерди, соның ишинде, инвесторларды жынайый топылыслардан қорғаў ушын бар имканиятларымызды иске қосамыз", - дейди ол.

    Бас прокурор буның ушын, коррупциялық жағдайлар ҳаққында бас прокуратураға оператив хабар бериў имканиятын беретуғын, күни-түни ислейтуғын "Исеним телефоны" ҳәм Телеграм бот иске қосылғанын ескертти. Арнаўлы операторлар топарының жумысы да жолға қойылған.

    "Әлбетте, бул ўазыйпаларды билимли, интакер, садық ҳәм бүгинги реформалардың нәтийжелерине тийислилик сезими менен жасайтуғын хызметкерлер корпусы менен ғана нәтийжели әмелге асырыў мүмкин. Сонлықтан, хызметкерлеримиздиң билими, дүньяқарасы, санасын раўажландырыў, руўхый потенциалын арттырыў илажларын избе-из даўам еттиремиз", - деп жуўмақлаған өз мүрәжатын Ниғматилла Йўлдошев.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech