Мүрәжатта келтирилиўинше, келиспеўшиликтиң ҳәўиж алыўы пүткил регионның турақлылығы ҳәм тынышлығына қәўип туўдырып атырғаны гүмансыз. Бул процесслер, бәринен бурын, әпиўайы пуқаралар - тыныш халық, әсиресе, балалар ҳәм ҳаял-қызлар ушын аўыр ақыбетлерге алып келмекте.
Өзбекстан Республикасы урысты машқалаларды шешиў қуралы деп емес, ал инсан өмири, турақлылық ҳәм раўажланыўға үлкен қәўип туўдыратуғын жағдай сыпатында баҳалайды. Урыста жеңимпаз болмайды. Ең үлкен жоғалтыўды бәрқулла әпиўайы инсанлар тартқан ҳәм бүгин де сондай болып қалмақта.
Өзбекстан бәрқулла тынышлықты сүйиўши сиясат жүргизип келген ҳәм солай болып қалады. Мәмлекетимиз барлық мәмлекетлер менен дослық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықларын раўажландырып келмекте.
Усы мүнәсибет пенен, Өзбекстан пуқараларын тынышлық сүйиўшилик, кеңпейиллик ҳәм жуўапкершиликли пуқаралық позициясын сақлаўға шақырып қаламыз. Жәнжеллерге диний, расалық ямаса басқа да жеке меншик тийислиликлер тийкарында мүнәсибет билдирмеў, ҳәр қандай жек көриўшилик ҳәм қарама-қарсылық үгит-нәсиятлаўға қарсы турыў бәршемиздиң улыўма миннетимиз болып есапланады, - делинеди министрликтиң хабарында.
Сондай-ақ, министрлик пуқараларды ҳәр қыйлы провакация ҳәм кемситиўши шақырықларға берилмеўге, жағдайларға сезимталлық емес, ал салмақлы мүнәсибетти сақлаўға шақырамыз. Жәмийетимизде миллий ҳәм диний татыўлықты сақлаў - улыўма турақлылық ҳәм қәўипсизликтиң әҳмийетли кепили екенин еслетип өтти.
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги барлық келиспеўшиликлер халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм дипломатиялық сөйлесиў тийкарында тыныш жол менен шешилиўи тәрепдары екенин және бир мәрте атап өтеди. Тынышлық ҳәм өз-ара ҳүрметке тийкарланған қатнасықлар бәрқулла елимиз сыртқы сиясатының тийкарғы бағдары болып қалады, - делинеди хабарда.