Россия президентиниң пәрманына муўапық, 2025-жылдың 5-февралынан баслап мәмлекет аймағында Ишки ислер министрлиги тәрепинен жүргизилетуғын қадағаланатуғын шахслар реестри жумыс баслады.
Бул реестрге миграция нызамшылығы тараўында ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислеген сырт ел пуқаралары киргизиледи.
Усы нормативлик ҳүжжетке бола, реестрге киргизилген шет елли пуқаралар Россиядан шығып кетиўи ямаса 2025-жыл 1-январьдан 30-апрельге шекемги дәўирде өзлериниң ҳуқықый статусын шешиў ушын жасаў орнындағы Россия ИИМниң аймақлық уйымына ямаса "ПВС" (паспорт-визуал сервис) федерал мәмлекетлик унитар кәрханасының филиалына мүрәжат етиўи шәрт.
Сондай-ақ, Москва қаласында жайласқан сырт еллилер ушын "Сахарово" көп функциялы миграция орайына мүрәжат етиўи талап етиледи.
Россия тәрепи амнистия дәўиринде бул пәрманға бола сырт ел пуқараларына мәмлекеттен шығарып жибериў, арнаўлы сақлаў мәкемелерине жайластырыў ҳәм кейин ала оның аймағына кириўди шеклеў менен байланыслы илажлар қолланылмайтуғынын атап өтпекте", делинеди елшихана хабарында.
Қадағаланатуғын шахслар реестрине киргизилген сырт ел пуқараларына төмендегилер қадаған етиледи:
көшпес мүлк ҳәм транспорт қуралларын сатып алыў ҳәм дизимнен өткериў;
неке дүзиў;
юридикалық шөлкем ямаса фирмаларды шөлкемлестириў ҳәм жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында дизимнен өтиў;
банк есап бетлерин ашыў ҳәм банк операцияларын орынлаў;
транспорт қуралларын басқарыў.
Соның менен бирге, мәмлекет аймағында нызамсыз жүрген жас өспирим сырт ел пуқараларын билимлендириў мәкемелерине (мектеплер ҳәм балалар бақшалары) қабыллаў да мүмкин болмайды.
Пуқаралар өзлериниң ҳуқықый статусын Россия ИИМниң рәсмий веб-сайтында тексериўи мүмкин.