Яғный, соңғы жыллары ветеринария тараўына тек ғана аграр системаның төменги буўыны сыпатында емес, ал экономиканың драйвер бағдарларынан бири сыпатында итибар бериле баслады. Нәтийжеде тараў тек ғана эпизоотикалық ҳәм эпидемиялық турақлылықты тәмийинлейтуғын емес, ал халыққа турақлы хызмет көрсететуғын экономикалық тартымлы бағдар сыпатында көзге таслана баслады.

Ҳайўанлардан адамға жуғатуғын кеселликлерди жылаўлаўдағы жаңаша қатнаслар, жабайы қуслардың миграциясы нәтийжесинде кирип келетуғын кеселликлер қәўпин жумсартыўдағы тәжирийбелер, сондай-ақ, шарўашылық өнимлерин халықтың дастурханына қәўипсиз жеткериў бойынша жетик система жаратылғаны мәмлекетимиздиң бул бағдарда Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы мәмлекетлери арасында жетекши болыўын тәмийинледи.

Мәмлекетимизде ветеринария билимлендириўин раўажландырыў, оны бир ўақыттың өзинде әмелиятқа интеграциялаў, халықаралық стандартларды миллий системаға енгизиў, әсиресе, Халықаралық финанс институтларының жеңиллетилген қаржылары ҳәм перспективалы грант жойбарларын тартыўдағы тәжирийбелер халықаралық экспертлер тәрепинен жоқары баҳаланды.

Яғный, Парижде болып өткен Жәҳән ҳайўанлар саламатлығы шөлкеми ассамблеясының 92-сессиясында мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң ветеринария тараўына көрсетип атырған итибары ҳәм жаратылған жетик әмелият системасы айрықша атап өтилип, халықаралық шөлкем басшысы Эммануела Субейран ханым тәрепинен Өзбекстанның ветеринария тараўындағы системасы ҳәм тәжирийбеси дүнья мәмлекетлерине перспективалы бағдар деп усыныс етилди.

Әнжуман даўамында Эммануелла Субейран ханым Президентимиздиң тараўға көрсетип атырған итибарын жоқары баҳалап, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң баслығы Баҳром Норқобиловқа "Хызметлери ушын" медалын тапсырды.

Бул сыйлық биринши мәрте Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы регионындағы мәмлекетке тапсырылыўын атап өтиў керек.

Бул тән алыныў елимиздиң ветеринария тараўында халықаралық майданда абырайы ҳәм потенциалы барған сайын жоқарылап атырғанынан дәрек береди.