"Өзгидромет" халықты сел келиў қәўпинен ескертти

    4 сәуір 2025 1469

    Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жасаўшы пуқаралар, дем алыўшылар ҳәм таўлы аймақларда ҳәрекетлениўши айдаўшылардан абайлы болыў илажларын көриў соралмақта.

    Атап өтилиўинше, усы жылдың 4-7-апрель күнлери күтилип атырған жаўын-шашынлар себепли, республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел келиў қәўпи жәрияланды.

    Қашқадәрья ўәлаяты: Яккабоғ, Деҳқонобод, Чироқчи, Китоб, Шаҳрисабз, Қамаши, Ғузор районларында;

    Сурхандәрья ўәлаяты: Сариосиё, Узун, Олтинсой, Денов, Байсун, Шерабад, Шўрчи, Қумқорган, Музработ районларында;

    Самарқанд ўәлаяты: Ургут, Самарқанд, Булунғур, Нурабад, Қўшработ, Каттақорған, Паяриқ, Жамбай, Иштихан районларында;

    Наўайы ўәлаяты: Хатирчи, Навбаҳор, Нурота, Конимех, Кармана районларында;

    Жиззах ўәлаяты: Замин, Бахмал, Ғаллаорол, Шароф Рашидов, Фориш, Янгиобод районларында;

    Ташкент ўәлаяты: Оҳангарон, Бостанлық, Паркент, Пискент, Орта Чирчиқ, Жоқары Чирчиқ районларында ҳәм Ангрен, Алмалық қалаларында;

    Наманган ўәлаяты: Поп, Косонсой, Чортоқ, Чуст, Наманган, Янгиқорган районларында;

    Ферғана ўәлаяты: Сох, Шоҳимардон, Ферғана, Бешариқ районларында;

    Әндижан ўәлаяты: Әндижан, Асака, Жалақудуқ, Қўрғонтепа, Пахтаабад, Избоскан, Хожаабад, Марҳамат районларында ҳәм Ханабад қаласында сел-суў ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.

    Республика аймағы бойынша жаўын суўлары топланыўы итималы бар, бул болса аймақларды суў басыўына алып келиўи мүмкин, - делинеди хабарда.



    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates