Усы жылдың 23-24-апрель күнлери күтилетуғын жаўын-шашынлар себепли, республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел келиў қәўпи жәрияланды.

Соннан:

  • Самарқанд ўәлаяты: Ургут, Самарқанд, Булунғур, Нурабад, Қўшработ, Каттақорған, Паяриқ, Жомбой, Иштихан районларында;
  • Жиззақ ўәлаяты: Замин, Бахмал, Ғаллаорол, Шароф Рашидов, Фориш, Янгиобод районларында;
  • Ташкент ўәлаяты: Оҳангарон, Бостанлық, Паркент, Пискент, Орта Чирчиқ, Жоқары Чирчиқ районларында ҳәм Ангрен, Алмалық қалаларында;
  • Наманган ўәлаяты: Поп, Косонсой, Чортоқ, Чуст, Наманган, Янгиқорған районларында;
  • Ферғана ўәлаяты: Сўх, Шоҳимардон, Ферғана, Бешариқ районларында;
  • Әндижан ўәлаяты: Әндижан, Асака, Жалақудуқ, Қўрғонтепа, Пахтаабад, Избоскан, Хожаабад, Марҳамат районларында ҳәм Ханабад қаласында сел-суў тасқын ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.

Республиканың айырым аймақларында жаўын суўлары топланыўы итималы бар, бул болса аймақларды суў басыўына алып келиўи мүмкин, - делинеди хабарда.